Telegram karinform

Жәмийет

  • 28.11.2018 18:00
  • 1790

Арал теңизи ултанындағы дузлы шаңлардың ҳаўаға көтерилиўин тоқтатыў мүмкиншилигин беретуғын бирикпе жаратылды. Ол қандай бирикпе?

Арал теңизи ултанындағы дузлы шаңлардың ҳаўаға көтерилиўин тоқтатыў мүмкиншилигин беретуғын бирикпе жаратылды. Ол қандай бирикпе?
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети докторанты Арал теңизиниң қурыған ултанында жүзеге келген дузлы шаңлардың ҳаўаға көтерилиўин тоқтатып туратуғын полимерли бирикпе жаратты. Бул ҳаққында университеттиң дәрилик өсимликлер агроэкологиясы ҳәм интродукциясы кафедрасының профессоры, аўыл хожалығы илимлериниң докторы М.Ю.Ибрагимов 28-ноябрь күни Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында болып өткен «Қубла Арал бойы биологиялық ҳәр түрлилигин сақлаў, қайта тиклеў ҳәм қорғаўдың экологиялық мәселелери» атамасындағы илимий-теориялық конференцияда мәлим етти.
Илимпаздың айтыўынша, ҚМУ-1, ҚМУ-2 деп аталған полимерли бирикпе шорлы топырақ ҳәм шөл жерлерди 8 мм қалыңқа шекем қатырып қояды. Бул 3 жылға шекем сол қәлпинде сақланады. Нәтийжеде теңиздиң қурыған ултанындағы жерлерден көтерилетуғын дузлы шаңлар көтерилиўиниң алды алынады.
Арал теңизи ултанындағы дузлы шаңлардың ҳаўаға көтерилиўин тоқтатыў мүмкиншилигин беретуғын бирикпе жаратылды. Ол қандай бирикпе?
Конференцияда теңиздиң қурыған ултанында шөл өсимликлерин егип көбейтиў ҳәм жаңа жайлаўлар пайда етиў мәселелери бойынша баянат жасаған илимпаз усы жылдың 27-май күни жүз берген дузлы шаңлардың көтерилиўи ҳаққында да айтып өтти.
- Бул көтерилген дузлы шаң Арал теңизиниң қурыған ултанындағы дузлар болып есапланады. Оның қурамында натрий хлорид ҳәм магний сульфат сыяқлы химиялық бирикпелер бар екенлиги анықланды. Дузлы шаң өсимликлердиң жапырақларынан 28 күнге шекем кетпей сақланып турды, - деди М.Ибрагимов.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...