
Нөкис қаласындағы «Қумбыз аўыл» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында елимиздиң социаллық турмысында белсене қатнасып киятырған 48 жас шаңарақларға жаңа үйлердиң гилтлери тапсырылды. Бул ҳаққында «Халқ сўзи Online» хабар бермекте.
Атап өтилгениндей, Президентимиздиң 2017-жыл 5-июльда қабыл етилген «Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм Өзбекстан жаслар аўқамы жумысларын қоллап-қуўатлаў ҳаққында»ғы Пәрманы ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2014-жыл 8-сентябрьдеги «Елимиздиң социаллық турмысында белсене қатнасып киятырған жас шаңарақларды турақ жай менен тәмийинлеўди және де қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында Қарақалпақстан Республикасының белсенди жас шаңарақлары турақ жайлар менен тәмийинленип келмекте.
Ислам Матеков.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz


