Telegram karinform

Жәмийет

  • 12.12.2018 15:35
  • 1739

Бес баллық баҳалаў системасының абзаллықлары неде?

Бес баллық баҳалаў системасының абзаллықлары неде?
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен қабыл етилип атырған буйрықлардың орынланыўын тәмийинлеў, жоқары билимлендириў системасында әмелге асырылып атырған реформаларды студент-жаслар ҳәм профессор-оқытыўшылар арасында үгит-нәсиятлаў, түсиндириў мақсетинде әмелий жумыслар алып барылмақта.
Институттың физика-мийнет ҳәм математика-информатика факультетлери профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслары арасында министрликтиң «Жоқары билимлендириў мәкемелеринде студентлердиң билимин қадағалаў ҳәм баҳалаў системасы ҳаққындағы уставты (режени) енгизиў ҳаққында»ғы, «Жоқары оқыў орнының ең жақсы педагогы» таңлаўының республикалық басқышының жуўмақлары, сондай-ақ, «Жоқары билимлендириў мәкемеси профессор-оқытыўшылар қурамының оқыўлық жүклемеси және оқыўлық-методикалық, илимий-изертлеў ҳәм «устаз-шәкирт» жумысларын белгилеў қағыйдалары ҳаққында»ғы буйрықларының мазмуны ҳәм әҳмийети түсиндирилип, тараўдағы жаңалықлар менен толық таныстырыў мақсетинде семинар шөлкемлестирилди.
Бес баллық баҳалаў системасының абзаллықлары неде?
Семинарда физика-мийнет факультети деканының оқыў ислери бойынша орынбасары Зийнатдин Жумағулов, математиканы оқытыў методикасы кафедрасының баслығы, физика-математика илимлериниң кандидаты, доцент Барлықбай Пренов ҳәм физиканы оқытыў методикасы кафедрасының баслығы, физика-математика илимлериниң докторы Амангелди Камаловлар жоқарыда аталған буйрықлардың бәнтлери ҳәм усы тийкарда алдағы ўақытта басшылыққа алынатуғын ўазыйпалар бойынша кең түрде түсиник берди.
Семинарға Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги баспасөз хызмети баслығы Фарҳад Бабашев қатнасып, тема дөгерегинде институт профессор-оқытыўшылары тәрепинен билдирилген пикир ҳәм усыныслар, әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша шығып сөйледи.
Илаж профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслардың сораў-жуўаплары ҳәм өз ара пикир алмасыўлары менен даўам етти.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында

Өзлестириў көрсеткишине қарап студентлерге грантларды қайта бөлистириў тәртиби тастыйықланды

Өзлестириў көрсеткишине қарап студентлерге грантларды қайта бөлистириў тәртиби тастыйықланды

    Ҳүкимет қарары менен Жоқары билимлендириў шөлкемлеринде студентлерге грантларды бериў ҳәм қайта бөлистириў тәртиби ҳаққындағы реже