Telegram karinform

Жәмийет

  • 15.12.2018 13:28
  • 1527

НМПИ студенти БМШ модели бойынша өткерилген халықаралық конференцияға қатнасты

НМПИ студенти БМШ модели бойынша өткерилген халықаралық конференцияға қатнасты
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының тарийх-география факультети миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими бағдарының 2-курс студенти Сарвар Қосимов усы жылдың 14-16-декабрь күнлери аралығында Өзбекстан мәмлекетлик жәҳән тиллери университетинде Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Халықаралық модели бойынша шөлкемлестирилген халықаралық конференцияға қатнасты.
Бул конференция жаслардың жаңа идеяларын үйрениў, олардың дипломатиялық көнликпелерин кеңейтиў мақсетинде шөлкемлестирилген болып, бул бағдарлама арқалы жаслардың итибарын Турақлы раўажланыў мақсетлерине тартыў, глобаллық раўажланыўға үлес қосыўға шақырыўдан ибарат болды.
- Конференцияда ең актуал глобаллық машқалаларды үйрениў, көпшиликтиң алдында шығып сөйлеў қәбилетин арттырыў, машқалаларды шешиў ҳәм додалаў қәбилетлеримизди жақсылаў бойынша көнликпелерге ийе болдық, - дейди Сарвар Қосимов.
Конференция жуўмақлары бойынша пединститут студенти сертификат пенен сыйлықланды.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет