Өзбекстанлы аўыр атлетикашы Руслан Нуриддиновтың 2012-жылдағы Лондон Олимпиадасындағы допинг үлгиси Халықаралық олимпия комитети тәрепинен қайта тексериўден өткерилгенде, унамлы нәтийже берди. Бул ҳаққында Халықаралық аўыр атлетика федерациясының баспасөз хызмети хабар берди.
Лондонда 105 килограмға шекемги салмақ категориясында 4-орынды ийелеген Руслан Нуриддиновтың анализлеринен дегидрохлорометилтестостерон (анаболик андроген стреоид) табылды. Руслан Нуриддинов Рио-де-Жанейро олимпиадасы чемпионы, 2013-жылғы жәҳән чемпионаты жеңимпазы, 2018-жылғы Азия ойынлары алтын медаль ийеси.
Халықаралық аўыр атлетика федерациясы спортшыны ўақытша спорттан шетлетти.
Буннан алдын 2008- ҳәм 2012-жыллардағы Олимпия ойынларындағы допинг үлгилерин қайта тексериўден өткерген Халықаралық олимпия комитети Артур Таймазовтың Пекинде еркин гүрестен қолға киргизген алтын, Сослан Тигиевтиң гүмис медалын бийкар еткен еди, деп
жазады Газета.uz.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz