Telegram karinform

Жәмийет

  • 26.12.2018 16:22
  • 1164

Шоманай районында қутырған сағаллар пуқараларға ҳәм үй ҳайўанларына тасланбақта


Makan.uz сайтына Султанбек Зияевтиң мәлим етиўинше, жақында Шоманай районы «Бегжап» АПЖ аймағында сағаллар аўыл турғынлары Юсуп Қурбанов ҳәм Анвар Жолдасбаевқа тасланып, тислеп алған. Нәтийжеде олар ҳәзирги ўақытта Шоманай районы медициналық бирлеспесинде қутырыўға қарсы емленбекте.
Kar24.uz сайтының хабар бериўинше, жоқарыдағы еки пуқарадан тысқары Шоманай районындағы «Қарабайлы» АПЖда қутырған сағал аўылда жасаўшы ҳаялға да тасланып, тислеп алған. Ҳаял тезлик пенен район емлеўханасына жеткерилген. Тексериў нәтийжесинде, сағал қутырған екени анықланған. Бул ҳаққында Шоманай районы ҳәкиминиң орынбасары Инъомжон Алланиязов мағлыўмат берген.
Мағлыўматта айтылыўынша, район ҳәкимияты аўшылар топарын дүзип, қутырған сағалларды атыўды тапсырған. Буннан тысқары, егер кимде-ким сағалды атып өлтирсе, 50 мың сум берилиўи ўәде етилген.
Қосымша мағлыўмат, өткен жылы Шоманай районы «Дослық байрағы» ҳәм «Дийханабад» АПЖларда да бир топар балаларды қасқырлар талаған еди.
Makan.uz дәрегиниң мағлыўматына қарағанда, сағаллар үй ҳайўанлары – таўықлар, қой-ешкилерге жийи-жийи тасланып атырған.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

    Түнги ўақытта саат 23.00 ден 06.00 ге шекем пуқаралардың тынышлығын ҳәм нормал дем алыўын бузыў,

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

      9-апрель күни саат 22:08 де Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖ аймағынан өткен А-380 магистрал

Наўқасқа тез медициналық жәрдем көрсетпеген шыпакерлерге жуўапкершилик бар

Наўқасқа тез медициналық жәрдем көрсетпеген шыпакерлерге жуўапкершилик бар

    Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 591-статьясына бола, өмири яки денсаўлығы ушын қәўипли жағдайда болған шахсқа медицина