
АҚШтың Forbes журналы «ең табыслы» ҳәм «ең табыссыз» актёрларының рейтингин ислеп шықты. Бул дизим журналдың сайтында жәрияланды деп хабар берди life.ru сайты.
Ең табыссыз актёрды анықлаўда гонорар ушын төленген табыслар есапқа алынған. Ең аз табыс таўған Мэттью Мак-Конахи деп табылды. Мак-Конахидиң табысы $1,1 ды қураған. Екинши орынды Кристиан Бэйл ийелеп, оның табысы 1,5 долларды қураған.
Буннан кейинги орынларды Мэтт Дэймон ($3,7), Мелисса МакКарти ($4,9) ийелеген. Ең көп ҳақы алатуғын актёрлар сыпатында Джереми Реннер ($82,3), Марк Руффало ($80,2) ҳәм Эми Адамс ($69,9) табылған.
Рейтингде актёрлардың Голливудта түскен соңғы үш фильминиң гонорарлары есапқа алынған.
Сахибжамал Есемуратова