Кеше, 2-январь күни Ташкент қаласының Чилонзор метро бәндиргиси жанындағы аймақ гүманлы чемодан себепли тосып қойылды, деп
жазады Kun.uz.
Кеше социаллық тармақлар ҳәм мессенджерлерде фотосүўретлер тарқалып, онда ҳуқық қорғаў органы хызметкери Чилонзор метро бәндиргиси жанында ийесиз чемоданды тексерип атырғаны сүўретленген.
«Бүгин саат 13:15лер әтирапында еркек адам 102 номерине қоңыраў етти ҳәм «Чилонзор» метро бәндиргисине жақын жерде ийесиз чемодан жатырғаны ҳаққында хабар берди. Арнаўлы әмелиятларды муўапықластырыў басқармасы, сондай-ақ, басқа оператив хызметлер, топарлардың хызметкерлери ол жерге жетип барды. Тексериў даўамында чемодан ишинде матрац бар екенлиги анықланды», - деп хабар берген Ташкент ИИББ баспасөз хызмети.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz