Ферғана ўәлаятының Олтиариқ районында, Киши Ферғана каналы бойында жаңа туўылған нәрестениң өлген денеси табылды, деп
хабар бермекте Daryo.uz.
Гүўалардың бириниң айтыўынша, таўарға оралған нәрестениң өлген денеси 2-январь күни каналдың Олтиариқтың Қапчиғай аўылындағы 41-мектеп аймағынан ағып өткен бөлиминен табылған.
«Бул – 10 күнлик нәресте. Айтыўларына қарағанда, оны буўып өлтирип, таслап кеткен. Ҳәзир аймағымызда ҳәмме аяққа турған», - дейди ўақыядан хабары бар адамлардың бири.
Хабар бериўинше, Ферғана ўәлаятлық ИИБ тәрепинен алып барылып атырған тергеў-сорастырыў ислери шеңберинде Олтиариқ ҳәм қоңсылас районлардағы туўыў бөлимлеринде ислейтуғын акушер ҳәм мийирбийкелер сораўға тутылмақта. Ҳәзирше бул жынаят себеплери бойынша толық мағлыўмат жоқ.
«Ҳәзирги ўақытта нәрестениң анасын ДНК-тести тийкарында анықлаў шаралары көрилмекте, тергеў жумыслары даўам етпекте», - деп айтып өткен Олтиариқ районлық ИИБ хызметкери.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz