Telegram karinform

Жәмийет

  • 08.01.2019 15:06
  • 1741

Арал шегинсе де, инсан шегинбес (қосық)


Аралымның көкке жетип наласы,
Бар дыққатын қаратты “Ел ағасы“,
Қайта туўылады, Мойнақ қаласы,
Арал шегинсе де, инсан шегинбес.

Қыс күнинде жер қатса да сиресип,
Арал ултанында турған дуз есип,
Қырсық тәбиятқа қарсы гүресип,
Арал шегинсе де, инсан шегинбес.

Тум-тустан техника жегилип атыр,
Сексеўил туқымы егилип атыр,
Бир уллы өзгерис сезилип атыр,
Арал шегинсе де, инсан шегинбес.

Жанланды аэропорт жатырған тозып,
Қайтадан, самолёт келгенде қонып,
Пүткил әлем жәрдем қолларын созып,
Арал шегинсе де, инсан шегинбес.

Оңынан туўылып енди айлары,
Бағы бостан болар, саҳра, сайлары,
“Мойнақ Сити“ қурылады жайлары,
Арал шегинсе де, инсан шегинбес.

Туристлерге мийманхана салынып,
Хызметине вертолётлар алынып,
Инвесторлар келер еле ағылып,
Арал шегинсе де, инсан шегинбес.

Жүзлерде қуўаныш, күлки езиўде,
Жаңалық епкини елди гезиўде,
Бир бахыт жүректен оны сезиўде,
Арал шегинсе де, инсан шегинбес.

Үйрек ушып көллерге ғаз қонажақ,
Консерва заводын қайта салажақ,
Мойнаққа әжайып дәўран кележақ,
Арал шегинсе де, инсан шегинбес.

Дузлы самаллардың алды алынып,
Уйтқыған апатқа дузақ салынып,
Алған бағытынан қалмай жаңылып,
Арал шегинсе де, инсан шегинбес.

Ақшолпан Аманияз.
06.01.2019-жыл.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

        Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти.