Telegram karinform

Сиясат

  • 08.01.2019 16:47
  • 1984

Өзбекстанда және бир сиясий партия дүзилди


Өзбекстан экологиялық партиясын шөлкемлестириў бойынша қарар қабыл етилди. Партияның Орайлық Кеңеси ағзалары, Қадағалаў-тексериў комиссиясы ағзалары сайлап алынды. Делегатлар тәрепинен билдирилген пикир ҳәм усыныслар тийкарында Өзбекстан экологиялық партиясының Уставы ҳәм Бағдарламасының жойбарлары және съездте көрип шығылған басқа мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди, деп хабар бермекте ӨзА.
Усы күнниң өзинде Өзбекстан экологиялық партиясы Орайлық Кеңесиниң Пленумы да болып өтти. Пленумда бир неше шөлкемлестириў мәселелери көрип шығылды. Өзбекстан экологиялық партиясы Орайлық кеңеси артқарыў комитетиниң ағзалары, оның баслығы ҳәм орынбасарлары да сайланды. Партияның белгилери тастыйықланды.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстанда интернет пайдаланыўшылары саны жәрияланды

Өзбекстанда интернет пайдаланыўшылары саны жәрияланды

    ​Миллий статистика комитетиниң берген мағлыўматларына муўапық, интернет пайдаланыўшылары саны дерлик 94%ке жеткенлигин көриўимиз мүмкин. Жоқарыдағы

Қәдириятларың мәңги болсын, Наўрыз! (+фоторепортаж)

Қәдириятларың мәңги болсын, Наўрыз! (+фоторепортаж)

    Усы жылдың 20-март күни халқымыз ушын ең әзиз байрамлардан бири – Наўрыз үлкен салтанат пенен

Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди

Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди

    Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди. Өзбекстанда жетекши исбилермен ҳаяллардан ибарат Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди. Бул