Telegram karinform

Жәмийет

  • 08.01.2019 17:04
  • 1614

Президенттиң Олий Мажлиске Мүрәжаты ҳәм оннан келип шығатуғын ўазыйпалар додаланды


7-январь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты киши мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 28-декабрьдеги Олий Мажлис Сенаты ҳәм Нызамшылық палатасына жоллаған Мүрәжаты, оннан келип шығатуғын жуўмақлар ҳәм жоқары билимлендириў системасы алдында турған ўазыйпаларға арналған мәжилис болып өтти.
Мәжилисти институт ректоры Б.Отемуратов кирис сөзи менен ашып берди ҳәм басқарып барды.
Институт ректоры Мүрәжатта өтип баратырған жылда әмелге асырылған жумыслар ҳәм келеси жылға арналған жобалар, мәмлекетимиздиң ишки ҳәм сыртқы сиясатындағы тийкарғы принциплер белгилеп берилгени халқымыз арасында үлкен қызығыўшылық оятып атырғаны ҳаққында атап өтти.

Мәжилисте Мүрәжат мазмуны ҳәм онда Арал бойы регионы мәселесиниң сәўлелениўи бойынша академик Ж.Базарбаев сөзге шықты.
Баянатта атап өтилгениндей, ҳәзирги ўақытта Арал апатшылығы себепли 5,5 миллион гектардан аслам майданда Аралқум саҳрасы пайда болды. Ҳәр жылы 100 миллион тоннаға шамалас қум ҳәм дуз ҳаўаға көтерилмекте. Аймақта экологиялық апатшылық ақыбетлерин жумсартыў мақсетинде БМШның Арал бойы регионы ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша көп тәреплеме шериклик тийкарында Траст фонды шөлкемлестирилип, оған дәслепки күнлерден баслап Япония, Норвегия, Катар ҳәм Саудия Арабстаны сыяқлы еллери қаржы ажыратты. Президент басламасы менен Арал теңизиниң суўсыз қалған аймағында жасыл тоғайлықлар пайда етиўге айрықша дыққат бөлинип, 2019-жылы 500 мың гектарлық жерде тоғайлық пайда етиў жобаластырылған.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасынан Р.Қурбанов сөзге шығып, Мүрәжатта коррупцияға қарсы гүресиў бойынша билдирилген пикир ҳәм усыныслар, алдағы ўазыйпалар бойынша кең түрде тоқталды. Әсиресе, медицина ҳәм билимлендириў процесиндеги коррупция, дәмегөйшилик сыяқлы иллетлерге қарсы гүресиў раўажланыў кепили екенлиги және бул мәселелер күнниң актуал мәселелериниң бири екенлиги атап өтилди.
Мәжилисте институттың жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров, оқыў ислери бойынша проректоры М.Жумамуратов ҳәм илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректор М.Жалеловлар Мүрәжаттан келип шығып әмелге асырылатуғын ўазыйпаларға тоқталды.
Мәжилис сораў-жуўаплар ҳәм өз ара пикир алмасыўлар менен даўам етти.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Айырым Қазақстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым Қазақстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы