
2017-жылдың 23-август сәнесинде Өзбекистан Көркем-өнер академиясы Қарақалпақстан бөлими көргизбелер сарайында «Қарақалпақ миллий липаслары» таңлаўының жуўмақлаўшы басқышы болып өтти. Бул ҳаққында ӨзМТДП ҚР Кеңеси атқарыў комитети жетекши қәнигеси Айнура Өтениязова мағлыўмат берди.
Таңлаўға барлық қала ҳәм районлардан тоғыз қатнасыўшы қатнасты.

Таңлаўдың жуўмағына муўапық, 1-орын жеңимпазы Гулнара Ембергенова, 2-орын жеңимпазы Айзада Нурымбетова, 3-орын жеңимпазы Дилноза Адилчаевалар болды. Жеңимпазлар диплом ҳәм қымбатбаҳалы саўғалар менен сыйлықланды. Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси комитет баслығы Д. Қурбаниязов қатнасты.

