Telegram karinform

Қарақалпақстан

  • 21.04.2017 22:50
  • 3367

Дүнья жүзиниң ҳәм Қарақалпақтың белгили ийтлери

Дүнья жүзине белгили ийтлердиң дизими айырым шөлкемлер тәрепинен ислеп шығылған. Олардан айырымларын дыққатыңызға усынамыз.

Белка ҳәм Стрелка

Дүнья жүзиниң ҳәм Қарақалпақтың белгили ийтлери

1960-жылы 19-август күни Белка ҳәм Стрелка космосқа ушырылады. Бул пүткил дүнья жүзи бойынша сенсация болады. Бул ийтлер космоста бир суткадан артық ўақыт даўамында болған. Космосқа ушырыў ушын Белка ҳәм Стрелка 12 ийттиң ишинен таңлап алынады.

Санто фон Хаус Цигельмайер

Дүнья жүзиниң ҳәм Қарақалпақтың белгили ийтлери

Немис овчаркасы. Бул ийт өзиниң комиссар Рекс аты менен белгили. 1991-жылы экранда пайда болған детектив сериал қатнасыўшысы. Ол өзиниң бирден-бир, бирақ сүйикли роли ушын ҳәр бир сериал ушын 15 мың доллор пул алған. Ол мийнет дем алысына шыққаннан соң да дүньядағы ең бай ийт болып қалған.

Лео

Дүнья жүзиниң ҳәм Қарақалпақтың белгили ийтлери

Голлания бажыханасында 9 жыл жумыс ислеген. Амстердам аэротортында жүдә профессионал дәрежедеги жумыс алып барған. Оның жәрдеминде 3 мыңға шамалас адамды наркотик затларын алып өтип атырғанда қолға алынған. Ол бул қәбилети менен Гиннестиң Рекордлар китабына кирген.

Қарақалпақстанның белгили ийти Жоллы

Жоллы бул ийтти көпшилик таныйды. Өзбекистан қаҳарманы Ибрайым Юсуповтың «Жоллыдан сәлем» қосығы арқалы пүткил қарақалпаққа белгили болған ийт. Жоллы Ибрайым Юсуповтың қызы Айжамалдың ийти. Бул ийт жүдә садық ҳәм ақыллы болған. Айжамал турмысқа шығып кеткен ўақтында бул ийт оны бир неше айлап күткен, соң Айжамал келмегеннен кейин бурын күшик ўақтындағы үйине кетип қалған екен. Муратбай Нызановтың «Белгили инсанлар өмиринен» эссесинде де Жоллы туўралы мағлыўматлар берилген. Онда Ибрайым Юсуповтың кейинги зайыбы Гүлсара апаның Жоллы туўралы еске түсириўлери баянланған. Бир күни түски ўақытта үлкен табаққа жүўери гүртик салып отырғанында Ибрайым аға усы жүўерилерди сыпаның қасында турған Жоллыға бериўин айтыпты. Сонда Гүлсара апа көзи қыймай Жоллыға ҳәмме аўқатын берипти. Жоллы тойып аўқатланып, көшениң басындағы үйине кетип қалыпты. Ертеңине сол үйдиң адамы Жоллының өлгенин хабарлапты. Сонда Ибрайым аға:
- Кеше тамағын тойдырып жибергенимиз жақсы болған екен, деп қапалығын билдирмеўге ҳәрекет етипти.

«Жоллыдан сәлем»
Сени ойлап жулдыз қараўлап шықтым,
Көшеде ийт қоймай сорағлап шықтым,
Қоңсылардың бәрин аралап шықтым,
«Это, не хорошо!» билсең, Айжамал

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет