Telegram karinform

Жәмийет

  • 11.01.2019 15:06
  • 1748

Пән олимпиадасында оқыўшысы орын алған муғаллимлерге ақшалай сыйлық бериле ме?


Өзбекстан Халық билимлендириў министрлигиниң Телеграм каналында пән олимпиадаларында оқыўшысы сыйлы орын ийелеген муғаллимлер қандай жағдайда хошаметлениўи ҳаққында мағлыўмат берилди, деп жазады Daryo.uz.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Жасларды руўхый-әдеп-икрамлылық ҳәм физикалық жақтан баркәмал етип тәрбиялаў, оларға тәлим-тәрбия бериў системасын сапалық жақтан жаңа басқышқа көтериў илажлары ҳаққында»ғы 2018-жыл 14-августтеги ПҚ-3907-санлы қарарының 7-бәнтинде, билимлендириў мәкемелеринде жумыс алып барып атырған педагог хызметкерлердиң мийнетин мүнәсип хошаметлеў мақсетинде аймақлық, республикалық ҳәм халықаралық пән олимпиадаларында сыйлы орынларды қолға киргизген оқыўшыларды таярлаған улыўма орта билим бериў мектеплериниң педагог кадрлары төмендеги тәртипте ең кем айлық мийнет ҳақының 5 есесинен 50 есесине шекемги муғдарда бир мәртелик ақшалай сыйлық пенен сыйлықлаў тәртиби бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизиў белгиленген.
Ҳәзирги ўақытта министрлик тәрепинен тийисли министрлик ҳәм ведомостволар менен келисилген ҳалда усыныслар (Министрлер Кабинети қарарының жойбары) таярланып, көрип шығыў (тастыйықлаў) ушын Ҳүкиметке киргизилген.
Бул қарар жойбары Министрлер Кабинети тәрепинен көрип шығылмақта. Белгиленген тәртипте тастыйықланғанынан соң ғалаба хабар қураллары арқалы жәрияланады ҳәм барлық билимлендириў мәкемелерине жеткериледи.
«Министрлик барлық педагоглардан социаллық тармақлардағы айрым Телеграм каналларындағы халық билимлендириў системасына байланыслы тастыйықланбаған мағлыўматларға исенип қалмаўды сорайды. Пән олимпиадасында оқыўшысы орын алған муғаллимлерге ақшалай сыйлық берилиў тәртиби бойынша рәсмий ҳүжжет қабыл етилгенинен соң ҳәмме хабардар етиледи ҳәм әмелиятқа енгизиледи», - деп жазылған хабарда.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...