Ташкент қаласындағы 261-санлы мектептиң еки 11-класс оқыўшысы ҳәм колледж оқыўшысы 22 мың АҚШ доллары ҳәм 15 млн сумм урлады, деп
хабар бермекте Uznews.uz.
Бул ҳаққындағы материал «Sevimli» телеканалының «Zamon» көрсетиўинде таярланды. Олмазор районында жайласқан 261-санлы улыўма билим бериў мектебиниң еки 11-класс оқыўшысы Ташкент мийманхана хожалығы ҳәм сервис кәсип-өнер колледжиниң 2-басқышында оқып атырған достысы менен үлкен муғдардағы пулларды урлап, кеўилхошлыққа сарплаған.
Жынаятты әмелге асырыўға келисип алған жаслар, олардың бириниң жақын ағайини болған ҳаялдың үйине урлыққа түскен. Оқыўшылар жәбирлениўшиниң үйине кирип, ҳаялдың жай алыў ушын топлаған 22 мың АҚШ доллары ҳәм 15 миллион сум муғдарындағы пулларын урлаған.
Олар урланған пулларды қаланың белгили ресторанларына барыў, iPhone 6 маркалы 3 телефон сатып алыўға ҳәм саўда-кеўилашар орайынан кийим сатып алыўға сарплаған.
Оқыўшылардың бири урланған пулларға әкесине ВАЗ 2111 маркалы автомобиль ҳәм сортлы ийт сатып алған.
Пулы таўсылғаннан соң олар гезектеги урлықты әмелге асырыўға келискен. Оқыўшылар қоңсысының үйине кирип, ноутбук, техникалық үскенелерди ҳәм қымбат баҳалы әтир суўларды урлаған.
Айыпланыўшының бириниң әкеси баласының қылмысларын көтере алмай, суд мәжилисинен соң қайтыс болған.
Олмазор районлық жынаят ислери бойынша судьясы Муса Юсупов айыпланыўшылардың жасын, алдын судланбағанлығын ҳәм зыян муғдарының қапланғанын есапқа алып, оларды еркинен айырыў көринисиндеги жазадан азат еткен.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz