Telegram karinform

Экономика

  • 17.01.2019 14:29
  • 1463

Пахтаның жаңа сорты жаратылды


Хорезм Мамун академиясының селекционер илимпазлары тәрепинен жүргизилген илимий изертлеўлер нәтийжесинде пахтаның жаңа – «Нийет» сорты жаратылды. Бул ҳаққында Интеллектуаллық мүлк агентлигине тийкарланып Kun.uz хабар берди.
Мағлыўматларға қарағанда, бул сорт талшығының технологиялық көрсеткишлери Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Агросанаат комплекси ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша қадағалаў инспекциясы қасындағы «Агросанаат комплексинде хызмет көрсетиў орайы» унитар кәрханасының лабораториясында анализленген.
Лабораторияға 2018-жылы жетистирилген пахта өниминен талшық үлгилери жеткерип берилди. Пахта талшығының үлгилериның сапалық көрсеткишлери лабораторияда HVI системасы арқалы сынақтан өткерилген.
Анализлердиң көрсетиўинше, бул жаратылған жаңа сортлар талшығының сапасы оған санаатлық өндирис тәрепинен қойылған талапларға жуўап береди. «Нийет» пахта сортын 2019-жылы Хорезм ўәлаятының айрым районларында сынақ тәризинде егиўге рухсат берилди.
Интеллектуаллық мүлк агентлиги тәрепинен Маман академиясына өсимлик сорты ушын патент берилди, бул сорт авторлары Д.Аккужин, Ш.Қодиров, И.Абдуллаев, Ф.Жуманиёзов, У.Абдураҳимов, Р.Машарипова, Б.Ўриновлардан ибарат.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте