Telegram karinform

Жәмийет

  • 17.01.2019 16:14
  • 2019

ТАҚ КӨЗЛИ ЖАЙЫН


Өмирбай Өтеўлиев,
жазыўшы, журналист


ТАҚ КӨЗЛИ ЖАЙЫН
Өткен әсирдиң елиўинши жыллары қоңыратлы Қабыл бағман халық аўзында «темир өгиз» деп аталған дәслепки тракторшыларға шәкирт түседи. Районға санаўлы келген «ДТ-54» тракторлары жер сүриўдиң орнына сол дәўирдеги баслы машқала, жыққын байлаўдан босамапты. Жыққын дәрьяның нәўпир суўы қурдым теңизге сыймай, изине «тебиўден» жүзеге келеди екен…
- Пай-пай, ылай суўдың пал татыған балықларын айтпайсаң-ба! Таң қалғандай талай қызықларды басларымыздан кеширдик. Телегей-шалқар көк теңизде тек ушан кемелер ғана жүзди. Жайынлары асаў тайдай туўлап, жағалаўларда қуйрықларын тислеўи менен домаласқанын көзим көрмесе де кексе балықшылар айтысар еди, - деген атамыз таңлайын қақты.
- Аяғы теңизге қуятуғын «Таллық» дәрьясының нәўпир суўы тас төбемизден қарайтуғын еди. Дәрьядан жыққын кетсе байлаўға республиканың барлық жерлеринен адамлар жыйналады. Қамыс-қоғаларын орып, баўлап басқандағы «қара буўра»сы дәрьяға тақан шайған шелли болмаса да қол қаўсырып отырмадық. Күнлердиң күнинде суў өз-өзинен қайтса өрлеп шыққан тайнапыр жайын, ылақалар теңиз, дәрьясына қайтып түсе алмай шуқыр, сай-салаларда шыпырласып қалады. Турысы гилкилдеген май, бир-еки кеспесине қарнымыз тойып, сен же, мен же боламыз…

Досымбет исмли теңиз беттиң атайы балықшысы үстин еки елибақатосқын қаплап, шөплер өскен, бир көзин май басқан жайын суў бетине көтерилген ўақытлары қайығы менен қапталласа барып, жан жерине шанышқысын шанышты. Теңиздиң ең терең жерлеринде аўыр-лабыр денесин ҳәрекетке келтире алма, аўзын ашса майда шабақлар өзлерин жарыққа урған гүбелеклердей өзинен өзи келип түскенлерин жутқан жайын болса керек. Жаралы жайын көтерилип, басылған ўақытта суў гүмбирлеп, пайда еткен таўдай толқынлары қайығын аўдарып, тас болмаса Досымбетимиз арандай ашқан аўзына түсе жазлады. Ҳәр жер, ҳәр жерде жаўырны төбешиктей дүңкийгенин узақтан бақлап, үш күннен соң дәрьяның өриндеги қайтпасына шығып қалды. Қасына қорқа-қорқа жақынласқанлар узын арқанларын бир-бирине жалғап, басына мойынтырықтай кийгизген соң жағалаўға атлары менен сүйреп шығарысты. Салмағы 300 килограммнан зыят жайынды көплеп-көмеклеп жарғанымызда, жалмамай жута берген затлары, тири шабақлар ойнап шықты. Балықтың өзи суўда болғаны менен көзлери қырдалығын ескермейтуғын шопанлар қой-ешкилерин жайпаўытлардағы суўатларына суўғарып, тоғытқанда өршилескен толқынларға қабатласа келгенлери талайын қағындырған. Адам, жылқы, түйелерди де қуйрығы менен қағып жықса тамағынан тирилей өтпеген. Жайынды көплеп-көмеклеп пуштарлағандағы кеспелери таўдай үйилип, пүткил Қоңыраттың халқына мол-молақай жетти…

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

«Ҳаяллар дәптери»не киргизилгенлерге қандай жәрдем көрсетиледи?

«Ҳаяллар дәптери»не киргизилгенлерге қандай жәрдем көрсетиледи?

    Ҳүкиметтиң 145-санлы қарары менен тастыйықланған нызамға тийкарланып, «Ҳаяллар дәптери»не киргизилген ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў төмендеги түрлерде әмелге

Тахтакөпирли алиментши әке перзентлерине жай саўға етти

Тахтакөпирли алиментши әке перзентлерине жай саўға етти

Пуқаралық ислери бойынша Шымбай районлар аралық судының шешиўши қарарына муўапық, өндириўши пуқара П.Утемуратованың пайдасына оның тәрбиясындағы...

Жоқарғы Кеңес депутаты Қанлыкөлде пуқараға жаңадан жай салып бериўге әмелий жәрдем берди

Жоқарғы Кеңес депутаты Қанлыкөлде пуқараға жаңадан жай салып бериўге әмелий жәрдем берди

Қанлыкөл районы «Жаңа қала» АПЖ турғыны Ҳ.Қалмуратов шаңарақ ағзалары менен тозыўы жеткен жайда жасайтуғын еди. Өмирлик...