
Бир қанатынан жарақатланған гүбелекти көргенде Роми оны емлеўге қарар етти, деп хабар берди www.bbc.com. Америкалы модельер қыз Роми Макклоскидиң хоббийи гүбелеклерди емлеў. Ол жәнликлерди жүдә жақсы көреди. Қанаты жарақатланғаннан соң ушалмай қалған гүбелекти емлеў ушын 3 күн сарпланған. Модельер қыз трансплантация ушын операция етиўге таярланған.

Столға барлық керекли әсбапларды алып келип, оған қанат таярлаған. Гүбелекти жоқары қарай жатқарып, дәслеп жарақатланған қанатты кескен. Нағысларын бир-бирине сәйкеслендирип жабыстырыўдай қыйын операция жуўмақланғаннан соң кесел гүбелек нектарға тойынып бир күн дем алған. Буннан соң гүбелек уша алған.



Сахибжамал Есемуратова