Telegram karinform

Технология

  • 22.01.2019 17:38
  • 1829

Алдаўшылар UzCard сайтының клонын жаратты. Компания пайдаланыўшыларды ескертпекте


Намәлим шахслар тәрепинен Uzcard.uz рәсмий сайтының интерфейси нусқаланып, UzCard төлем системасы атынан WEBSUM менен биргеликте акция шөлкемлестирилгени дизимге алынды. Бул ҳаққында компания баспасөз хызмети хабар берди.
Рекламада көрсетилген мағлыўматқа бола, онда қатнасқан қатнасыўшылар өз карта номерлерин киргизип, пул муғдарын өткериў есесине усы жиберилген қаржыдан мәлим муғдарда процентлерге ийе болыўы нәзерде тутылған.
«Рәсмий түрде бул акция UzCard банклер аралық төлем системасы тәрепинен шөлкемлестирилмегенлигин мәлим етемиз. Ҳәзирги ўақытта компаниямыз тәрепинен бул алдаўшылық ҳәдийсеси бойынша тергеў жумыслары басланған болып, жақын күнлерде оның нәтийжелери бойынша Сизлерди хабарландырамыз», - деп жазылған компания хабарында.
Компания пайдаланыўшылардан доменлердиң атамасына айрықша итибар бериўди сораған.
«Бизиң рәсмий доменимиз Uzcard.uz. Домен атамасында қандайда бир ҳәриптиң өзгергени оның ҳақыйқый емеслигин билдиреди. Мәселен, Uzcard.org, Uzcard.com, Uzcard.info – улыўма басқа бетлер болып табылады.
Әҳмийетли хабар, ең соңғы жаңалық ҳәм акцияларға байланыслы мағлыўматларды тек ғана Uzcard.uz рәсмий сайтымыз ҳәм социаллық тармақлар арқалы билип барыўыңыз мүмкин».

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте