Telegram karinform

Дүнья

  • 21.04.2017 23:08
  • 2535

Дүньяның ең үлкен университетлери

Дүньяның ең атақлы университетлери ҳаққындағы мағлыўматлар илимге қызығыўшы ҳәр бир инсанды қызықтырыўы анық. Әсиресе, шет ел мәмлекетлеринде оқыў нийетинде жүргенлер бул ҳаққында көбирек билиўди қәлейди. Студентлер саны тәрепинен ең үлкен университетлер әсирлер даўамында көпшиликти өзине тартып келмекте.



1. Сарбонна университети (Франция). Европадағы ең әййемги илим орайларынан бири Сарбонна университети 1215-жылда пайда болған. Бүгинги күнде бул университет ең жетекши жоқары оқыў орынларынан бири болып табылады. Сарбонна университетинде түрли мәмлекетлерден келген 250 мыңнан артық студентлер билим алады.



2. Калькутта университети (Ҳиндистан). 1857-жылда қурылған бул тәлим орайы Ҳиндистандағы ең үлкен ҳәм әййемги университетлерден есапланады. Университет қасында түрли тараўларға тийкарланған 7 колледж ис алып барады. Калькутта университетинде ҳәзирде 200 мыңға жақын студентлер билим алмақта.



3. Лондон университети (Англия). Лондон университети студентлердиң саны бойынша Уллы Британиядағы абырайлы оқыў орынларынан бири. Қурамында 18 колледж ҳәм 11 институт бар. Бул жерде 45 мың студент билим алады.



4. Болонья университети (Италия). Бул университет XIX әсирде пайда болған. Кейинги әсирлерде оның бинаси ҳәм ис жүргизиў көлеми кеңейип барған. 1969-1970-оқыў жылынан баслап университетте 12 факультет ис жүргизип келмекте. Ҳәзирги күнде 29 мың 500 студентке 200ге жақын профессор-оқытыўшылар сабақ бермекте.



5. Москва мәмлекетлик университети (Россия). Ломоносов атындағы Москва мәмлекетлик университети 1755-жылы жумыс баслады. Бүгинги күнде Швейцария, Қазақстан, Өзбекистан, Тәжикистан, Украина, Әзербайжан республикаларында оның филиаллары бар. Москва мәмлекетлик университети Россия федерациясындағы кириў баллары ең жоқары болатуғын университет есапланады. Соған қарамай, Россия ҳәм басқа мәмлекетлерден бул университетте оқыўды қәлеўши жаслар көп.

Сахибжамал Есемуратова

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

        Пекиндеги Синхуа университети толық жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын биринши «Агент емлеўханасы»н шөлкемлестирди. Онда 14 виртуал

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

        Өзбекстан баспасөз еркинлиги индексинде дүньяның 180 мәмлекетиниң ишинде 148-орынды ийеледи. Республика 2024-жылғы рейтингде де усындай