
Илимпазлар көпшиликти қызықтыратуғын мәселе үстинде изертлеў жүргизди. Олар қандай аўқатлар инсан организмине зыян екенлигин үйрениў мақсетинде 100 мың ҳаял-қыз қатнасында тәжирийбе өткерди. Бул ҳаққында Известия басылымы хабар берди.
Изертлеўлер нәтийжесине муўапық, америкалы илимпазлар қуўырылған мәйек инсанның өлимин 13%ке ал, қуўырылған балық, теңиз аўқатларын көп жеў инсан өмирин 7% ке тезлестиретуғынлығын анықлады. Изертлеў жумыслары 18 жыл даўам етип, бул ўақыт аралығында илимпазлар 122 азық-аўқаттың инсан организмине қандай тәсир ететуғынлығына ҳәм оның көлемине айрықша итибар қаратқан.
Сахибжамал Есемуратова