Telegram karinform

Спорт

  • 28.01.2019 11:30
  • 1474

НМПИде шахмат клубы ашылды


Жаслардың оқыўдан бос ўақытларын мазмунлы өткериў, олар арасында саламат турмыс орталығын қәлиплестириў мақсетинде Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының студентлер турақ жайында шахмат клубы өз жумысын баслады.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 9-августтағы «Өзбекстан Республикасында шахматы раўажландырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарында белгилеп берилгениндей, шахматты инсанның ақыл ҳәм ойлаў процесин раўажландырыўшы спорт түри сыпатында еледе ғалабаластырыў, әсиресе, келешек ийелери болған жасларды усы спорт түрине кеңнен тартыў бүгинги күнниң тийкарғы ўазыйпаларының бири болып табылады, - дейди институттың жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров.

Клубтың ашылыў салтанатына Қарақалпақстан Республикасында хызмет көрсеткен жаслар тренери, спорттың шахмат түри бойынша қәниге Р.Давлатов қатнасып, клубтың жумысларына табыслар тиледи.

Буннан соң институттың физика-мийнет факультети студентлери арасында факультет бириншилигине старт берилди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Хусановтың трансфер баҳасы жаңаланды

Хусановтың трансфер баҳасы жаңаланды

        Өзбекстан миллий сайланды командасы ҳәм «Манчестер Сити» клубы қорғаўшысы Абдуқодир Ҳусановтың баҳасы 35 миллион евроға

Goal талқылаўы бойынша «Алтын топ» ушын тийкарғы талабанлардың дизими жәрияланды

Goal талқылаўы бойынша «Алтын топ» ушын тийкарғы талабанлардың дизими жәрияланды

Goal порталы «Алтын топ» ушын тийкарғы талабанлар дизимин жәриялады. Оған бола, «Барселона» вингери Рафиня бул бағдарда...

ChatGPT: Ол қалай ислейди ҳәм авторлық ҳуқықы кимге тийисли?

ChatGPT: Ол қалай ислейди ҳәм авторлық ҳуқықы кимге тийисли?

    Жасалма интеллект қалай ислейди, ол келешекте инсан мийнетиниң орнын баса ала ма, нейрон тармақлар тәрепинен