Telegram karinform

Ҳуқық

  • 02.12.2024 10:00
  • 129

ChatGPT: Ол қалай ислейди ҳәм авторлық ҳуқықы кимге тийисли?

 

Жасалма интеллект қалай ислейди, ол келешекте инсан мийнетиниң орнын баса ала ма, нейрон тармақлар тәрепинен жаратылған мағлыўматлар кимге тийисли?

 

ChatGPT не ҳәм оннан қалай пайдаланыў керек?

 

ChatGPTден пайдаланыў ушын дизимнен өтиў талап етиледи, айырым мәмлекетлерде болса бул мүмкин емес. Өзбекстан пайдаланыўшылары ChatGPT ҳақыйқый веб-сайтында дизимнен өте алмайтуғын мәмлекелерден бири. Plagiat.pl орынлаўшы директоры, StrikePlagiarism.com плагиатқа қарсы системаның авторларының бири Али Тахмазов туўрыдан-туўры болмаған, бирақ ChatGPT аккаунтын дизимнен өткериў ҳәм пайдаланыў имканиятын бериўши альтернатив жолды түсиндиреди.

Тастыйықлаў ҳәм код пенен СМС келетуғын басқа мәмлекет номерин белгили бир мүддетке усынатуғын сайтлар яки Telegram тармағындағы чат-ботлар арқалы дизимнен өтиў (дизимнен өтиўдиң аңсат варинатларынан бири, бирақ сабырды талап етеди). Басқа мәмлекеттеги достыңыздан СМС коды жиберилетуғын номерди берип турыўын ямаса сатып алыўын сораў.

 

Егер алтернатив жолдан пайдаланыў имканы болмаса, сиз ChatGPT аналогларынан пайдаланыўыңыз мүмкин. ChatGPTге тийкарланған коддан пайдаланатуғын түрли чат-ботлар әллеқашан пайда болған ҳәм қызықтырған сораўларға жуўап алыўда жәрдем береди, фото яки керекли текстти гилт сөзлер менен береди. Бул чат-ботлардың унамсыз тәрепи сонда, олар түп нусқасынан аз функцияларға ийе.

 

ChatGPT не ушын керек?

 

Тийкарынан ChatGPT мағлыўмат алыў ушын пайдаланылады. Чат – бул раўажландырылған мағлыўмат излеў қуралына уқсас нәрсе. Google системасына сораў киргизиў арқалы пайдаланыўшы әҳмийетлилигине қарап көплеген дeреклерди алады, бирақ ChatGPTден пайдаланыў нәтийжесинде хызмет кеңейтирилген формада пайдаланыўшы ушын ең керекли мағлыўматларды көрсетеди. Яғный, нейрон тармақ пайдаланыўшыға усынылған мағлыўматларды бир сайттан екиншисине өтиў аркалы жеке түрде излеўди емес, бәлки, оннан пайдаланыў имканиятын береди. Жуўап берилген сораўдың дурыслығына, яғный, жасалма интеллект ушын қойылған техникалық ўазыйпаға ҳәм терилген сөзлердиң избе-излигине байланыслы.

 

«ChatGPT  әллеқашан пән ҳәм билимлендириў тараўында белсенди қолланылмақта. Жақында Испанияда чат арқалы көп санлы мақалаларды жайластырған профессор мәлим болды. Оқытыўшы өзиниң жумысларын басып шығарған, сол ушын пул алған, лекин оның қылмысы ашылды, себеби ол бир адам физикалық жақтан жазып үлгермейтуғын жүдә көп мақалаларды жазған», – дейди Али Тахмазов.

 

Оның сөзлерине бола, Британия, АҚШ ҳәм басқа мәмлекетлердеги студентлер чаттан шығарма жазыў я үй тапсырмасын ислеўде пайдаланбақта. Бирақ, жасалма интеллект тайын анализ бенен мағлыўмат бере ала ма?

«Менде постсовет мәмлекетлеринде ChatGPTден курс жумысларын таярлаўда пайдаланылғаны ҳаққында мағлыўмат бар. Чат курс яки диплом жумысларын жазыў ушын жеткиликли деп айтпаған болар едим. Ол елеге шекем диплом яки магистрлик жумысын жазыў ушын күш ҳәм имканиятларға ийе емес. Мен қандай да бир пән бойынша терең анализди талап ететуғын диссертация ҳаққында еле айтпадым» – дейди Али Тахмазов.

 

ChatGPT жаратыўшылары әллеқашан жасалма интеллект инсан мүмкиншиликлерине имканы барынша жақын болыўды тәмийинлеў үстинде ислемекте. Нейрон тармақлардың раўажланыўы белгили тараўларда, соның ишинде илимде адамның орнын басыў қәбилетине қаратылған.

«Бул машина яки адам ортасындағы бәсеки бола ма, биз билмеймиз ҳәм алдыннан айта алмаймыз, бирақ чат адамзатқа технологиялар ямаса изертлеў жумысларын алып барыў бойынша қойылған ўазыйпаларды аңсатластырыўға жәрдем береди», – деп есаплайды Али Тахмазов.

 

Интернет пайда болғаннан бери адамлар мағлыўматты қайта ислеўди ҳәм оқытыўшылар хызметинен пайдаланыўды тоқтатады, деген қәўетер бар, лекин билимлендириў системасы технологияға масласпақта. Тап сондай мийнет базары да өзгерислерге ушырайды, бирақ бул да нормал раўажланыў процесси есапланады.

Интеллектуал мүлк ҳуқықы бойынша ҳуқықтаныўшы Мадина Турсунованың айтыўынша, әллеқашан AI plagiarism text деген жаңа атама пайда болған, яғный жасалма интеллект тийкарында плагиат жәрдеминде ислеп шығарылған текст.

 

«Биз чатты түрли тиллерде, соның ишинде өзбек, қазақ, қырғыз тиллеринде сынап көрдик ҳәм соны айтыўым керек, ол жақсы ислейди. Чат, мәселен, өзбек тилинде жазылған дереклерден мағлыўмат алады. Азиялылар ушын чат оларды қызықтыратуғын илимге тийисли анығырақ ҳәм туўры мағлыўматларды табыў ушын әжайып қурал. Егер алдын интернет ҳақыйқый болмаған веб-сайтлар менен толған болса, чатта мағлыўматлардың анықлығы ҳәм дурыслығына көбирек итибар қаратыў мүмкин» – дейди Али Тахмазов.

Оның пикиринше, Орайлық Азияда ғәрезсиз информация дереклери шекленген. Мысал ушын, Польшада журналистлер информациясынан пайдаланыўы мүмкин болған жүдә көп түрли анализ орайлары бар, бирақ Азия мәмлекетлеринде бундай шөлкемлер жетиспейди.

«Мениң бақлаўларыма бола, Өзбекстан ҳәм пүткил Орайлық Азияның медиа мәканында сиясый ҳәм экономикалық темаларды сәулелендириўши дереклер аз. Мениңше, бул қәнигелер жәмийетиниң жеткиликли емеслиги менен байланыслы. Солай екен, чат Орайлық Азиялық пайдаланыўшыларға регионда ҳәм оннан сыртта не жүз берип атырғанлығын жақсырақ түсиниўге жәрдем береди», – дейди Али Тахмазов.

 

Нызам бойынша ҳуқықлар

 

Жасалма интеллект ийелери усынған мағлыўматларға бола, чат арқалы жаратылған өним авторлық ҳуқықына ийе емес. Яғный, бул авторлық өними емес, соның ушын чат арқалы ислеп шығарылған өнимге авторлық ҳуқықы ҳешкимге тийисли емес. Жасалма интеллект жәрдеминде ислеп шығарылған нәрсе улыўма еркин пайдаланылады.

 

 

Ҳәрбир мәмлекет ChatGPTден пайдаланыў бойынша өзине тән шеклеўлерге ийе болыўы мүмкин.

 

«Әмелде авторлық ҳуқықы менен байланыслы сораўлар пайда болады, мәселен, жасалма интеллект тәрепинен жаратылған контент авторлығы кимге тийисли? Қурамын жаратыў параметрлери инсан тәрепинен орнатылады, ақыл тек нәтийжени пайда етеди. Авторы ким – шахс па яки өзиниң мағлыўматлар базасына жүкленген басқа көплеген шығармалардан оны жарататуғын жасалма интеллект хызмети ме – ҳәзирше мәлим емес», – деп түсиндиреди Мадина Турсунова.

Нейрон тармақлар ашық мағлыўматлар тийкарында ислеп шығылады ҳәм оқытылады. Жеке мағлыўматлар интернеттеги мағлыўматлардың үлкен бөлегин қурайды. Эксперттиң пикиринше, жасалма интеллект өтирик ҳәм мәниссиз болыўы мүмкин. Мысал ушын, ChatGPTди жаратқан Open-AI компаниясы «ChatGPT гейде исенимли, бирақ надурыс я мәниссиз  жуўапларды береди» деп ескертеди.

 

Австралияда қала мэри ҳаққында сораў берилгенде, ChatGPT ол пара алыўда айыпланып, 30 айлық қамақ жазасына ҳүким етилгенин айтқан. Басқа бир чат-бот дерек сыпатында Washington Post мақаласына тийкарланып, ҳақыйқый америкалық ҳуқық тараўы профессоры қатнасыўындағы ҳешқашан жүз бермеген өтирик болған жынысый зорлық исин ойлап тапқан.

 

Австралияда қала мэри Open-AI компаниясына қәўетер билдирилген хат жиберди. Жасалма интеллектти ислеп шығыўшыларға қарата жала бойынша даўа ашыла ма яқ па ҳәзирше белгисиз, лекин жоқарыдағы мысаллар чат-ботқа сөзсиз исениў мүмкин емес екенлигин көрсетеди.

 

Жасалма интеллект кәсиплер ҳәм адамлардың орнын баса ала ма?

 

Мадина Турсунованың сөзлерине бола, ҳәзир де нейрон тармақ мағлыўматлар анализи менен байланыслы болған айырым профессионал тараўларда адам орнын баса алады. Келешекте бул дизим жаңаланады. ChatGPT дөретиўши адамлар ушын күшли қуралға айланған болса да, дөретиўшилик пикирлеў еле инсанның ҳуқықы.

 

«Тийкарғы ҳуқықый машқала – жасалма интеллектти раўажандырыў ҳәм қоллаў бойынша ҳешқандай тәртипке салынбағанлығы. Тармақлар тәрепинен жаратылған контент ушын ким жуўапкер екенлиги анық емес. Авторлық ҳуқықы да инсанның ҳуқықы есапланады. Нызамлар Open-AI тәрепинен ислеп шығылған код емес, бәлким тек шахсты дөретиўшилик искериликтиң субъекти сыпатында тән алады. Жасалма интеллект ҳуқық системасы ушын қыйыншылық туўдырады ҳәм ол буған мүнәсибет билдириўге мәжбүр. Қалай екенлигин болса ўақыт көрсетеди», – дейди Мадина Турсунова.

 

Дарья Пензова,

Кarinform аўдармасы

 

Social

Усыныс етемиз

Пуқараны сүўретке түсириў ҳәм социаллық тармақларда жәриялаў ҳуқықына ийемиз бе?

Пуқараны сүўретке түсириў ҳәм социаллық тармақларда жәриялаў ҳуқықына ийемиз бе?

Уқсас жаңалықлар

Жүрек ушын пайдалы ишимликлер

Жүрек ушын пайдалы ишимликлер

    Суў Егер суў жеткиликли болмаса, қан қойыўласып баслайды ҳәм жүрек тез ислейди, бул оның шаршаўына

Бала пулын алып атырған шаңарақта балалардың саны көбейсе не болады?

Бала пулын алып атырған шаңарақта балалардың саны көбейсе не болады?

    Министрлер Кеңесиниң 654-санлы қарары менен тастыйықланған нызамға тийкарланып, – Балалар напақасы тайынланған шаңарақта балалар саны

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ректоры тайынланды

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ректоры тайынланды

    Бүгин, 5-декабр күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында шөлкемлестириў мәселелерине арналған жыйналыс болып өтти.