Telegram karinform

Мәденият

  • 26.08.2017 13:31
  • 2427

Саламат Аяпов: «Неше жылдан берли күтип жүрген нийетим бүгин әмелге асты»



Алдын хабарлағанымыздай, 25-август күни Ташкент қаласындағы «Истиқлол» көркем өнер сарайында быйылғы жылдағы «Ниҳол» мәмлекетлик сыйлығының жеңимпазларын сыйлықлаў салтанаты болып өтти. Онда қарақалпақстанлы 2 жас талант ийеси – жыраў Саламат Аяпов ҳәм опера қосықшысы Ақылбек Пиязовлар лауреат болған еди.
Саламат Аяпов Фейсбук тармағындағы өз бетинде сыйлық статуэткасы ҳәм сертификаты менен түскен сүўретин жәриялады. Сүўретке қосымша: «Неше жылдан берли күтип жүрген нийетим бүгин әмелге асты. Алланың нәзери менен бүгин «Ниҳол» сыйлығын алыў бахтына миясар болдым. Маған жан күйдирип атырған барлық инсанларға өз рахметимди айтаман», - деп жазып қалдырған.
Қарақалпақ жыраўлар мектебиниң даўамшысы Саламат Аяповтың табыслары қутлы болсын!

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...