Telegram karinform

Жәмийет

  • 11.02.2019 10:19
  • 1403

Әмиўдәрья районында 3115 муғаллимниң мийнет ҳақысынан нызамсыз түрде услап қалынғаны анықланды


Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги мийнет инспекциясы тәрепинен Kun.uz сайтында жәрияланған «Муғаллимлердиң мийнет ҳақысынан 500 мың сумнан усланып қалынбақта» атамасындағы мақала бойынша Әмиўдәрья районлық Халық билимлендириў бөлиминде үйрениўлер өткерилди.
Мәлим болыўынша, райондағы 82 улыўма билим бериў мектебинде ислейтуғын 5154 педагог хызметкердиң 3115 инен электр энергиясы, тәбийғый газ, ишимлик суўы ҳәм басқа коммуналлық төлемлер ушын нызамсыз түрде разылығы алынбастан, мийнет ҳақысынан услап қалынған.
Бул жағдай бойынша айыплы болған Әмиўдәрья районлық Халық билимлендириў бөлими баслығының орынбасары Р.Матқурбанов ҳәм Халық билимлендириў басқармасы орайластырылған қаржы бухгалтериялық хызмети бас есапшысы М.Қаландаров Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 49-статьясы 1-бөлими менен ең кем мийнет ҳақының бес есеси (1 013 650 сум) муғдарында жәриймаға тартылды.
Сондай-ақ, инспекция тәрепинен бул нызам бузыўшылық жағдайы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине 2019-жыл 8-февраль күни нызам бузыўшылықты сапластырыў ҳәм алдағы ўақытларда жол қоймаў бойынша белгиленген тәртипте усыныс киргизилди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет