Telegram karinform

Жәмийет

  • 11.02.2019 15:18
  • 1480

Билимлендириў мәкемелеринде коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери додаланды


Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты мәжилислер залында «Билимлендириў мәкемелеринде коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиўдиң руўхый-ағартыўшылық тийкарлары» атамасында жыйналыс өткерилди.
Жыйналысқа Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасының коррупцияға қарсы гүресиў бөлими хызметкери Ж.Реймов, ҚР ИИМ жанындағы Коррупция ҳәм экономикалық жынаятшылықларға қарсы гүресиў бөлими аға оператив ўәкили М.Сержанов, ҚР ИИМ жанындағы тергеў басқармасы тергеўшисиБ.Әширбеков, Руўхый-ағартыўшылық орайы ҚР бөлими хызметкери, Қарақалпақстанда хызмет көрсеткен юрист Х.Қабулов, Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети хызметкери О.Очилов, факультет деканлары, профессор-оқытыўшылар ҳәм зийрек студентлер қатнасты.
Илажды институттың жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров басқарып барды.

Баянатшылар Президентимиз басшылығында елимизде коррупцияның алдын алыўға бағдарланған реформалар, бул иллеттиң жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик раўажланыўға тийкарғы тосық болып атырғаны және бул иллеттиң ақыбети қандай болыўы ҳаққында кең түрде тоқталды.
Ҳәзирги ўақытта сонша ҳәрекетлер алып барылып атырғанына қарамастан, айрым тараўларда, әсиресе, билимлендириў мәкемелеринде коррупциялық жағдайлардың ушырасып атырғаны ең аянышлы жағдайлардың бири екенлиги атап өтилди.

Сөзге шыққанлар тамырымызға балта урып атырған бул иллетке қарсы гүресиў тек ғана ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлериниң емес, барлық жәмийет ағзаларының әдиўли миннети екенлигине тоқталып, ҳәммени усы машқаланың алдын алыў ҳәм улыўма болдырмаў ушын белсендиликке шақырды.
Илаж өз-ара пикир алмасыўлар ҳәм сораў-жуўаплар менен даўам етти.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

    Түнги ўақытта саат 23.00 ден 06.00 ге шекем пуқаралардың тынышлығын ҳәм нормал дем алыўын бузыў,