Telegram karinform

Жәмийет

  • 12.02.2019 12:11
  • 1378

Студентлер қайырқомлық илажларында белсендилик көрсетти


Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети тарийх-ҳуқық факультети юриспруденция тәлим бағдарының 1-в курс студентлери топар басшысы Маржан Адилованың басшылығында пайтахтымыздағы «Нәўпир» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасайтуғын кем тәмийинленген шаңарақлар, жалғыз баслы қарыялардың ҳалынан хабар алды.
- Елимизде социаллық жәрдемге мүтәж болған шаңарақлар, жалғыз баслы қарыялар, социаллық қорғаўға мүтәж болғанларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсетинде бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылмақта. Быйылғы жылдың аты да усы тараўдағы жумысларды еле де раўажландырыў мақсетинде «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы» деп аталды. Студентлеримиз бенен бүгин усындай ийгиликли жумысларға өз үлесимизди қосыў мақсетинде қайырқомлық илажларын шөлкемлестирдик, - дейди юриспруденция тәлим бағдарының 1-в курс студентлери топар басшысы Маржан Адилова.


Илаж шеңберинде студентлер өзлери тәрепинен таярланған саўғаларды социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақларға, майыплығы болған пуқараларға тапсырды. Сондай-ақ, бағыўшысынан айрылған қарыялардың үй алды жер учтаскаларын абаданластырыў, жабайы шөплерден тазалаў ҳәм шығындыларды арнаўлы орынларға шығарып таслаў сыяқлы үлгили жумысларды әмелге асырды.
Студентлер бундай илажларды алдағы ўақытлары да турақлы түрде әмелге асырыўды жобаластырмақта.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

        АҚШтың студентлик ҳәм басқа түрдеги визаларын алажақ болған адамлардың социаллық тармақлары тексериледи. Мәмлекетлик хаткер Марко