Telegram karinform

Жәмийет

  • 13.02.2019 10:49
  • 1479

2021-жылдан баслап мәжбүрий медициналық қамсызландырыў системасы енгизиледи


Өзбекстанда мәжбүрий медициналық қамсызландырыў системасы 2021-жылдан баслап басқышпа-басқыш енгизиледи. Бул ҳаққында Министрлер Кабинетиниң «2019-жылы нызам жойбарларын ислеп шығыў ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасына киргизиў бағдарламасын тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарарында келтирилген, деп жазады Kun.uz.
Бағдарламаға муўапық, «Мәжбүрий медициналық қамсызландырыў ҳаққында»ғы нызам жойбары ислеп шығылады. Нызам жойбарында төмендегилер нәзерде тутылады:
- 2021-жылдан баслап мәжбүрий медициналық қамсызландырыў системасын басқышпа-басқыш енгизиў;
- Мәжбүрий медициналық қамсызландырыў системасына басқышпа-басқыш өтиў бойынша нормативлик-ҳуқықый базаны қәлиплестириў;
- Денсаўлықты сақлаў бойынша ажыратылып атырған қаржыларды топлаў ҳәм бөлистириў механизмлерин жетилистириў;
- «ҳәр бир толық емленген жағдай» есабынан келип шығып, қаржыландырыў механизмлерин енгизиў;
- медициналық қамсызландырыў бағдарламаларын әмелге асырыўға мәмлекетлик емес медициналық шөлкемлерди кеңнен тартыў.
Нызам жойбарын ислеп шығыў бойынша жуўапкер атқарыўшылар – Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Қаржы министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги, Инновациялық денсаўлықты сақлаў миллий палатасы.
Министрлер Кабинетине усыныў мүддети – 2019-жыл 1-июль, Нызамшылық палатасына киргизиўдиң мүддети – 2019-жыл 1-август етип белгиленген.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...