
Муҳаммед Ал-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялары университетиниң Нөкис филиалы тәрепинен оқыўға мәмлекетлик грант ҳәм шәртнама тийкарында қабылланған абитуриентлердиң ата-аналарына миннетдаршылық хаты жолланбақта. Бул хатлар почта арқалы жиберилип, онда абитуриентлердиң усы оқыў орнын таңлағаны ушын миннетдаршылық билдирилген. Сондай-ақ, оларды оқытыў, жетик маман етип жетилистириў ушын оқыў орнында барлық шараятлардың бар екенлиги айтып өтилген.
Сахибжамал Есемуратова