Telegram karinform

Мәденият

  • 18.02.2019 11:59
  • 1466

Мәденият министрлиги «Ақ жағыс» мәденият орайы ҳаққындағы мақалаға мүнәсибет билдирди


Нөкис қалалық мәденият бөлимине қараслы «Ақ жағыс» мәденият орайы имаратынан пайдаланыўдың имканияты жоқ. Орай өз жумысларын 2-санлы улыўма билим бериў мектебиниң имаратында даўам еттирмекте, деп хабар берген Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги Kun.uz сайтына.
Буннан алдың сайтта авариялық жағдайдағы мәденият орайы ҳаққында мақала жәрияланған еди. Мәденият орайының сүўретлерине қарап, имарат бир қарағанда қоймахана ямаса қарамаллар сақланатуғын орынға уқсайды.
«Балалардың дөгерек сабақларына ықласы жоқары, бирақ олар ушын бул жерде я имканият, я болмаса мүнәсип шараят жоқ. Муғаллим ҳәм балалар бир тәрептен дийўалдың қулап түсиўинен қорқып отырса, екинши тәрептен сынық есиклер ҳәм айналардан кирип атырған суўықтан тоңады», - деп жазады Өмирбай Есбергенов қулап түсиўге жақын турған орайда билим алыўды қәлейтуғын 60 тан аслам балалар ҳаққында.
Мақалада орай басшылары бул жағдай бойынша «тийисли жоқары шөлкемлердиң ҳәммесиниң хабары бар» деген мазмундағы пикирлерди келтирип өткени айтылған еди.
Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлигиниң мағлыўматларына қарағанда, имарат 1971-жылы «поликлиника» сыпатында қурылған болып, жәми 2025 м/кв жер майданға ийе болған.
«Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2013-жыл 25-июньдағы 178-санлы қарарына тийкарланып бул орай 2018-жылы реконструкцияланыўы нәзерде тутылған еди. Бирақ, жергиликли бюджет қаржылары ажыратылмағаны себепли бул объекте реконструкция ҳәм үскенелеў жумыслары алып барылмаған», - деп жазылған министрлик хабарында.
Министрлер Кабинетиниң тийисли ҳүжжетинде болса мәденият орайларын реконструкциялаў ушын бюджет қаржыларынан тыяқары, бос турған қаржылар, сондай-ақ, қәўендерлик қаржылары есабынан орынлаўға рухсат берилген.
Жуўапкерлер мәденият ҳәм халықтың дем алыў орайлары имаратларын жақсы оңлаў, сондай-ақ, зәрүрлик болғанда, реконструкциялаў ҳәм оларды заманагөй әсбап-үскенелер және инвентарлар менен үскенелеў ушын келеси жылға тастыйықланыўы нәзерде тутылған аймақлық мәнзилли дизимлерди ҳәр жылы белгиленген тәртипте ҳәм мүддетлерде Өзбекстан Республикасы Экономика министрлигине ҳәм Қаржы министрлигине киргизиўи де мүмкин еди. Тилекке қарсы, бундай ҳәрекетлер де алып барылмаған, деп жазылған Kun.uz хабарында.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...