Telegram karinform

Жәмийет

  • 18.02.2019 18:39
  • 1364

350 мың гектардан аслам жерге сексеўил туқымы сеўилди


Мойнақ районында Аралбойы аймақларында жүз бериўи мүмкин болған айрықша жағдайлардың алдын алыўға қаратылған илажлар қызғын даўам етпекте. Бул ҳаққында Қарақалпақстан хабар агентлиги хабар берди.
Райондағы оператив штаб тәрепинен берилген мағлыўматларға қарағанда, 16-февраль күнги өткерилген илажларға, атап айтқанда, таярланған туқымларды қалталарға жайластырыў, егислик орынларды таярлаў ҳәм егиў жумысларына, жәми 1252 адам қатнасқан. Соның 533и елимиз ўәлаятларынан келип жумыс ислеп атырғанлар болып есапланады. Сондай-ақ, 65 адам Арал бойындағы участкаларға отын қорын шөлкемлестириў ушын отын таярлаў жумысларын даўам етпекте. Бул жумысларға, жәми 462 техника ҳәм 2 самолёт тартылған.
Бүгинги күнде сексеўил егиў ушын, жәми 893366 гектар жер майданы таярланды. Соның 352832 гектарына 1 миллион 245 мың 760 килограмм сексеўил туқымы егилди.
АН-2 самолёты жәрдеминде 259650 гектар жерге 779850 килограмм сексеўил туқымы сеўип егилген.
Ҳәзирги күнге шекем 1057000 килограмм, соннан жергиликли халық тәрепинен жәми 261000 килограмм сексеўил туқымы жыйналған. Олардың мийнет ҳақылары өз ўақтында берилмекте. (4 миллиард 128 миллион сум төленген).

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити