
Ташкент қаласында жол ҳақы төлеўдиң автоматластырылған системасы иске түседи. Бул жәмийетлик транспортларда жол ҳақысын нақ пулсыз көринисте төлеў имканиятын жаратады, деп хабар берди «Terabayt.uz».

Жол ҳақысын төлеў жолаўшылар ушын бирқанша қолайлылық жаратыўы күтилмекте. Бул система Сингапурдың Technobiz Transpay компаниясына тийисли болып, оны ислеп шығыўда өзбекистанлы қәнигелер де қатнасқан. Системаға ANOR аты берилген. Буннан тысқары, ANOR жолаўшыларға транспорт карталарының еки көриниси усынылады: бир мәрте кодластырыўшы қағаз карталар ҳәм көп мәртелик карталар.
