
Усы жыл 11-15-февраль күнлери Москва қаласында болып өткен жигирма алтыншы «Продэкспо-2019» азық-аўқат өнимлери, ишимликлер ҳәм оларды ислеп шығарыў ушын шийки зат халықаралық көргизбеси болып өтти. Бул ҳаққында ӨзА хабар берди.
Арақ ислеп шығарыўшылар арасында «Ең жақсы өним» номинациясында Гран-при кубогына «Нөкис вино заводы» АЖ ылайық деп табылды.
Бул номинацияға Өзбекстандағы және бир кәрхана «Афсар компании лтд.» ЖШЖ қоспа кәрханасы ҳәм Россияның «Кристалл» заводы өнимлери де ылайықлы деп баҳаланды.
Ислам Матеков.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz