Telegram karinform

Жәмийет

  • 23.02.2019 14:43
  • 1838

Тест орайы: Кириў имтиханларында тест 5 пән бойынша өткериледи


Мәмлекетлик тест орайы администрациясы 2020-2021-оқыў жылынан баслап абитуриентлер 5 пән бойынша имтихан тапсырыўы жобаластырылып атырғаны ҳаққында мәлим етти, деп жазады Kun.uz.
Мәлим болыўынша, абитуриентлер тест пәнлери комлексин еки бөлимге ажыратып, яғный 3 мәжбүрий ҳәм 2 ықтыярлы пәннен имтихан тапсырыўы нәзерде тутылмақта.
«Быйылғы жылдың сентябрь-октябрь айында пәнлер комплекси жәрияланады. Бул Қубла Корея, Қазақстан, АКШ тәжирийбеси тийкарында Өзбекстанда әмелиятқа енгизилмекте», - дейди тест орайы директоры М.Каримов.
«Жоқары билимлендириў мәкемелерине тест сынақлары арқалы қабыллаў системасын жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарардың жойбарында атап өтилиўинше, пәнлер комплексиниң биринши бөлиминде ана тили, математика ҳәм Өзбекстан тарийхы, екинши бөлиминде болса талабанлық болып атырған билимлендириў бағдарына сәйкес келетуғын еки пәннен сораўлар берилиўи мүмкин.
Сондай-ақ, 2020-2021-оқыў жылынан баслап жаслардың ана тили бойынша саўатлылық дәрежесин арттырыў ҳәм анықлаў мақсетинде жазыў көнликпелерин баҳалаў ушын ана тили (өзбек, рус, қарақалпақ) бойынша диктант тапсырыў жолға қойылады.
Егер абитуриент жазба диктанттан жетерли балл топласа, ана тили пәни бойынша тести тапсырмаўы да мүмкин.
Жоба бойынша бул жаңалықты әмелге асырыў тәртиби усы жылдың октябрь айына шекем рәсмий түрде жәрияланады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет