Telegram karinform

Жәмийет

  • 26.02.2019 13:02
  • 1288

Қубла Корея мектеплеринде тәжирийбе арттырып қайтқан педагог НМПИ студентлерине мастер-класс өтти

Қубла Корея мектеплеринде тәжирийбе арттырып қайтқан педагог НМПИ студентлерине мастер-класс өтти
Нөкис қалалық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 38-санлы улыўма билим бериў мектебиниң директоры, Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң депутаты Зульфия Қутыбаева Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты филология факультети студентлерине мастер-класс өтти.
Зульфия Қутыбаева өткен жылдың 3-9-ноябрь күнлери аралығында Өзбекстанның халық билимлендириў тараўының белсенди ўәкиллери, педагоглар менен биргеликте Қубла Корея Республикасының бир неше қалаларында жайласқан улыўма билим бериў ҳәм қәнигелестирилген мектеплеринде өз тәжирийбесин арттырып келген еди.
Қубла Корея мектеплеринде тәжирийбе арттырып қайтқан педагог НМПИ студентлерине мастер-класс өтти
Педагог ушырасыўда Қубла Корея ҳәм Өзбекстан мектеплеринде келешек ийелерине билим бериў ушын жаратылған шараятлар, уқсаслықлар, өзгешеликлер ҳаққында толық мағлыўмат берип өтти.
- Бизлер сапар даўамында Корея Республикасының Сеуль, Инчеон, Седжонг, Теджон сыяқлы қалаларындағы мектеплерде болдық. Жаратылған шараятлар жоқары дәрежеде екенлигин айырықша атап өтиўим керек. Ең тийкарғысы, ҳәр бир мектепте ҳәр бир оқыўшыға деген итибар ҳәм ғамқорлық, муҳаббат ҳәммемизди де ҳайран қалдырды. Оқыўшылар мектепте өзлерин үйлеринде жүргендей емин-еркин сезинеди екен. Ҳәр оқыўшы ўақыттың қәдирине жетип, өз ўақытларын пайдалы жумысларға бағдалаўға әдетленген, - дейди педагог өз тәсирлери менен бөлисип.
Қубла Корея мектеплеринде тәжирийбе арттырып қайтқан педагог НМПИ студентлерине мастер-класс өтти
Зульфия Қутыбаева өзи басшылық етип атырған мектепте буннан еки жыл алдын оқыўшылар ушын бийпул хызмет ететуғын кореец тилин үйрениў дөгерегин шөлкемлестиргени, тәжирийбели педагогтың бул басламасы Қарақалпақстан кореецлер ассоциациясы, ҳәттеки, Корея Республикасының Өзбекстандағы елшиханасы тәрепинен де қоллап-қуўатланғаны ҳаққында айтып берди.
Илаж даўамында студентлер өзлерин қызықтырған сораўларын берип, тийисли жуўаплар алды.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет

Муғаллим телефонды алып қойыўға ҳақысы жоқ дейсиз бе, алжасасыз! (+ видео)

Муғаллим телефонды алып қойыўға ҳақысы жоқ дейсиз бе, алжасасыз! (+ видео)

    Өзбекстан Республикасы Конституциясында Билимлендириў шөлкемлери аймағында ҳәм аудиторияларында телефонлардан пайдаланыў тәртиби белгиленген. Билимлендириў шөлкемине келгенде