Telegram karinform

Жәмийет

  • 27.02.2019 12:32
  • 1119

Нөкисте, Шымбайда ҳәм Хазараспта автомобильлерден 40 миллионға шамалас ақша урлаған наманганлы пуқараларға жаза белгиленди


1983-жылы Наманган қаласында туўылған Маъруф Ниязов 2016-2017-жылларда урлық пенен шуғылланғаны себепли оған суд тәрепинен излеў жәрияланған еди. Бул ҳаққында Жоқары суд баспасөз хызмети хабар берди.
Ол жынайы шериклери Муҳаммаджан ҳәм Тоҳир менен алдын ала тил бириктирип, 2016-жыл 13-ноябрь күни Шымбай районы дийқан базары жанындағы бәндиргиде турған «Нексия» маркалы машинаның есигин қайшы жәрдеминде ашып, жүк бөлмесинде турған 8,8 миллион сумды урлаған.
Сондай-ақ, Маъруф жынайы шериклери менен биргеликте 2016-жыл 29-ноябрь күни Хазарасп районына келип, Санаат аўылында жайласқан гүриш базарының автомобильлер турар орнында турған «Нексия» ҳәм «Ласетти» маркалы автомобильлердиң жүк бөлмесинен 11 миллион сумды урлаған.
2017-жыл 9-январь күни Нөкис қаласының Гөне қала аймағында жайласқан автомобильлер турар орнындағы «Спарк»тиң есигин қайшы жәрдеминде ашып, салонда турған 20 миллион сумды алып қашқан.
Усы жынайы ҳәрекетлери ушын Муҳаммаджан ҳәм Тоҳирларға 2017-жылы суд ҳүкими жәрияланып, оларға еркинен айырыў жазасы белгиленген. Маъруф болса жазадан қутылыў мақсетинде сырт еллердиң биринде жасырынған.
Ол 2018-жыл 11-ноябрь күни Россияның Оренбург қаласында қолға алынған.
Суд ҳүкими менен М.Ниязовқа ЖКның 169-статьясы 3-бөлиминиң «а» бәнти тийкарында 3 жыллық мүддетке еркинен айырыў жазасы белгиленди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

    Түнги ўақытта саат 23.00 ден 06.00 ге шекем пуқаралардың тынышлығын ҳәм нормал дем алыўын бузыў,

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

        Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мүбәрек Рамазан ҳайыты қарсаңында халқымызға тән жақсылық, кеңпейиллик, адамгершилик, мийрим-шәпәәт