Telegram karinform

Технология

  • 01.03.2019 17:37
  • 2043

НМПИ оқытыўшысы усынған жойбар «Өзбекстан ҳаял-қызларының 100 ең жақсы инновациялық жойбары» қатарынан орын алды


Усы жылдың 26-февраль күни Ташкент қаласындағы ИНХА университетинде «Өзбекстан ҳаял-қызларының 100 ең жақсы инновациялық жойбары» II Республикалық таңлаўының жеңимпазларын сыйлықлаў салтанаты болып өтти.
Таңлаўдың дәслепки басқышында 4000 нан аслам экономика тармақларына пайдасы тийетуғын техникалық жойбарлар, рационализаторлық усыныслар, инновациялық исленбелер, ойлап табыўлар усынылды.
«Өзбекстан ҳаял-қызларының 100 ең жақсы инновациялық жойбары» II Республикалық таңлаўының жуўмақлаўшы басқышында елимиздиң барлық аймақларынан усыныс етилген 300 ден аслам қатнасыўшылардың ҳүжжетлери ҳәм инновациялық жойбарлары Республикалық Экспертлер Кеңеси тәрепинен көрип шығылды және олардың презентациялары көрилип, кең түрде додаланды.
Жойбарлар арасынан 100 ең мүнәсип жойбарлар ҳәм олардың авторлары таңлаўдың жеңимпазлары сыпатында сайлап алынды.

Олар арасында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты филология факультети өзбек тили кафедрасының баслығы Шаҳло Юлдашева да бар екенлиги көпшилик жерлеслеримизди шексиз қуўанышқа бөледи.
- «Тил оқытыў теориясы ҳәм методикасының мәлимлеме технологиялары менен байланысы» атамасындағы өз жойбарымды таңлаўдың «Электрон есаплаў машиналары ушын жаратылған ең жақсы бағдарламалар ҳәм мағлыўматлар базасы» номинациясына усындым. Көплеген жойбарлар арасынан 7 жойбар таңлаўдың жуўмақлаўшы басқышына өткен болса, солардың арасынан жеңимпаз деп табылдым, - дейди «Электрон есаплаў машиналары ушын жаратылған ең жақсы бағдарламалар ҳәм мағлыўматлар базасы» номинациясы жеңимпазы болған Шаҳло Юлдашева.

Таңлаўдың республикалық басқышында жеңимпаз болғанлар Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитетиниң диплом және естелик саўғалары менен салтанатлы түрде сыйлықланды.
Таңлаўдан соң жеңимпазлықты қолға киргизген 100 инновациялық жойбарларды әмелиятқа енгизиў бойынша мақсетли жумыслар әмелге асырылады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...