«8-март – Халық аралық ҳаял-қызлар күни» мүнәсибети менен қунлы дөретпелери ғалаба хабар қуралларында жәрияланып, «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист» ҳаял-қызлардың дөретиўшилиги ҳәм жетискенликлери ҳаққындағы мағлыўматларды дыққатыңызға усыныўды даўам еттиремиз.
ЗУЛЕЙХА НУРМЕТОВА – Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист, «Давр кўзгуси» газетасының редакторы.1991-жылдан Өзбекстан Журналистлер дөретиўшилик аўқамының, 2006-жылдан Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы. 1998-жылы «Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен журналист» атағы, 2018-жылы «Дослық» ордени менен сыйлықланды. «Элликқала тароналари», «Истиқлол илҳомлари» қосықлар топламының авторы.
ТАМАРА МАТБАЕВА – Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист, Қарақалпақстан телеканалында аға редактор.1998-2000-жылларда «Кегейли турмысы» газетасының хабаршысы, 2001-2006-жылларда Қарақалпақстан телеканалының редакторы, 2012-жылдан аға редактор болып ислеп келмекте. 2016-жылы «Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист» атағына мүнәсип деп табылды. Бүгинги күнде «Инсан мәпи», «Мүнәсибет», «Алтын аймақ» көрсетиўлерин таярламақта.
УҒЫЛЖАН ЖУМАНИЯЗОВА –Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист.
Мийнет жолын 1969-жылы Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси қасындағы Телевидение ҳәм радио еситтириўлери комитетинде диктор болып баслады. 1985-1987-жылларда «Хатлар» редакциясын басқарды, өзбек тилиндеги «Бахт водийси» көрсетиў ҳәм еситтириўине баслаўшылық етти. 2001-жылы «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист» атағы менен сыйлықланды. «Нураный», «Жасы уллылар жолы менен», «Пазыйлет», «Устаз ҳәм шәкирт», «Раўшан», «Бир хаттың изинен», «Тилге итибар-елге итибар» көрсетиўлерин таярлады. Бүгинги күнде мийнет дем алысында.
ҮЗИЛХАН НУҒМАНОВА – Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист. Мийнет жолын 1980-жылдан Қарақалпақстан телерадио мәмлекетлик комитетинине редактор болыўдан баслаған. 1996-жылы «Халық билимлендириў ағласы», «Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 10 жыллығы», «Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 25 жыллығы» көкирек нышаны, 2002-жылы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң «Ҳүрмет жарлығы», 2008-жылы «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист» атағына мүнәсип деп табылды. Бүгинги күнде мийнет дем алысында.
РЫСГҮЛ ЖУМАБАЕВА – Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист. 1982-жылдан Қарақалпақстан радиоканалының «Балалар ҳәм жас өспиримлер еситтириўлери редакциясы»нда редактор, аға редактор, бөлим баслығы ҳәм бас редактор лаўазымларында иследи. «Тикенек» сатиралық радиожурналы, «Жаслық», «Нәўпир», «Дәўир қызлары», «Дәўир ҳәм жаслар», «Мектеп ҳәм турмыс», «Өзбекстан» радиосы ушын «Қарақалпақстан ҳаўазы» ҳәм «Дияр» еситтириўлерин таярлады. 1998-жылы «Халық билимлендириў ағласы», 2000-жылы «Шуҳрат» медалы, 2001-жылы Қарақалпақстан Республикасы Жокары Кеңесиниң Ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды. 2004-жылы Ж.Өтегенов, Б.Палўанов пенен биргеликтеги «Қарақалпақстан Республикасы Телерадиокомпаниясының «Жаслар» радиоканалында: «Дүньяны тербеткен ҳаял» еситтириўи» әмелий-методикалық қолланбасы баспадан шықты. 2011-жылы «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист» ҳүрметли атағына мүнәсип деп табылды. 2012-жылы «МТРК соврини» таңлаўының жеңимпазы болды. Бүгинги күнде мийнет дем алысында.
РОЗА ҲАМИДОВА – Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист, «Алтын қәлем» Миллий таңлаўында номинация жеңимпазы.Мийнет жолын 1980-жылдан «Жеткиншек» газетасында хабаршы болыўдан баслады. 1985-жылдан Қарақалпақстан телеканалында иследи. 1991-жылы «Қарақалпақстан Республикасы халық билимлендириў ағласы» көкирек нышаны, 2014-жылы «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист» атағына мүнәсип болды. 2016-жылы «Алтын қәлем» Миллий танлаўында «Арал бойы ҳаял-қызларының жәмийетимиздиң раўажланыўына қосып атырған хызметлери» номинациясы бойынша хошаметлеўши сыйлыққа миясар болды.
ДИНОРА АЛЛАМБЕРГЕНОВА – Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист, Қарақалпақстан телеканалында «Жәмийетлик-сиясий, социал-экономикалық көрсетиўлер редакциясы»ның бөлим баслығы.Мийнет жолын 1991-жылы Қарақалпақстан радиоканалында редакторлықтан баслады. 1996-жылдан Қарақалпақстан телеканалы «Хабар» редакциясында комментатор, 2006-жылдан бөлим баслық, 2012-жылдан «Жәмийетлик-сиясий, социал-экономикалық көрсетиўлер редакциясы»ның бөлим баслығы лаўазымында ислеп келмекте. 2006-жылы Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңесиниң Ҳүрмет жарлығы, 2014-жылы «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист» атағына мүнәсип деп табылды. Бүгинги күнде «Халық пенен жүзбе-жүз», «Дәўир нәпеси», «Пуқара билиўи керек», 20 жылдан берли «Әдиллик айнасы» көрсетиўлерин таярлайды.
ӘНЖИМ БЕКБЕРГЕНОВА – Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист, «Алтын қәлем» Миллий сыйлығының ийеси, Қарақалпақстан телеканалының аға редакторы. Мийнет жолын 1995-жылы «Арал ҳаўазы» газетасынан баслады. 1997-2006-жыллары Қарақалпақстан радиоканалында редактор, 2006-жылдан аға редактор болып ислеп келмекте. 1994-жылдан Өзбекстан Журналистлер аўқамының ағзасы. 1996-жылы «Пал балам» китабы баспадан шықты. 2014-жылы «Ардақлаў» сыйлығының «Жылдың ең жақсы тележурналисти» номинациясы, 2015-жылы «Дияр» телеканалына «Ең көп ҳәм ең мазмунлы көрсетиў таярлаған тележурналист» номинациясы, 2015-жылы «Алтын қәлем» Миллий таңлаўының «Ең жақсы телематериал» номинациясы жеңимпазы деп табылды. 2016-жылы «Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў ағласы» көкирек нышаны, 2017-жылы «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист» атағына мүнәсип болды. Бүгинги күнде «Саз ҳәм ҳаўаз» ток шоу, «Өмир ибратлары», «Меҳир», «Әдеплер ғәзийнеси» көрсетиўлерин таярлап келмекте.
ДАРИЙХА УББИНИЯЗОВА – «Жеткиншек» газетасында жуўаплы хаткер.Мийнет жолын «Қарақалпақстан жаслары» газетасынан баслады. 1994-жылдан газетада бөлим баслық, 1996-жылдан редактор болып исследи. 2000-жылдан «Жеткиншек» газетасында жуўаплы хаткер лаўазымында ислеп келмекте. «Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 10 жыллығы», «Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 20 жыллығы», 2012-жылы «Қарақалпақстан Республикасы Халық билимледириў ағласы» көкирек нышаны, 2017-жылы «Қарақалпақстанға мийнети сиңген журналист» атағына мүнәсип деп табылды.
ПЕРДЕГҮЛ ХОЖАМУРАТОВА – Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист.Мийнет жолын 1985-жылдан Бозатаў районлық «Ылғыллы мийнет» газетасынан баслады. 1990-жылдан «Нөкис ҳақыйқаты», 1999-жылдан «Еркин Қарақалпақстан» газетасында жумыс иследи. Мақалаларын П.Меңлимуратова аты менен де жәриялайды. «Ғалаба хабар қураллары ҳәм сайлаў процеси» таңлаўының, 2004-жылы «Жылдың ең белсенди журналисти», 2005-жылы «Әтиргүл» таңлаўларының жеңимпазы болды. «Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 20 жыллығы» көкирек нышаны, 2015-жылы «Ардақлаў» сыйлығы, 2016-жылы «Қарақалпақстан халық билимлендириў ағласы» көкирек нышаны, 2018-жылы «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист» атақларына мүнәсип деп табылды. 2018-жылы «Ана сағынышы» китабы баспадан шықты. Бүгинги күнде мийнет дем алысында.
Сахибжамал Есемуратова