Telegram karinform

Жәмийет

  • 05.03.2019 11:32
  • 1406

Аралдың түбинен 230 метр тереңликтен екинши булақ көзи табылды

Аралдың түбинен 230 метр тереңликтен екинши булақ көзи табылды
Президентимиздиң басламасы менен мине үш айға шамалас ўақыттан берли Арал теңизиниң қурыған ултанында сексеўил егиў жумыслары алып барылды. Бул ийгиликли иске тек республикамыздан ғана емес, ал, елимиздиң барлық ўәлаятларынан көмекшилер қатнасып, бүгинги күнге 400 мың гектардан зыят майданға сексеўил егилди. Бул ҳаққында Қарақалпақстан хабар агентлиги хабар берди.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев «Арал бойын абат етейик» жойбарына белсене қатнасқан тараў қәнигелерине, жумысшылар менен механизаторларға терең миннетдаршылық билдирди. Оларға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан алғыснама жәриялап, ҳәр бирине ақшалай сыйлықлар тапсырды.
Ҳақыйқатында да, қыстың қыраўлы күнлерине қарамастан теңиздиң ултанында айтарлықтай жумыслар алып барылды. Бул иске қатнасқан мыңнан аслам көмекши халқымызға тән аўызбиршилик ҳәм жәмлескенликтиң ҳақыйқый үлгисин көрсетти. Ҳәмме бир мақсет жолында, теңиздиң қурыған ултанында сексеўил егиў, солай етип, бул жерден көтерилетуғын шаң-тозаңның алдын алыў жумысларына белсене қатнасты. Илажда көмекшилерге дастурхан жайылып, көркем өнер шеберлериниң атқарыўында концерт бағдарламасы қойып берилди. Жақсы хабардың қанаты бар дейди халқымыз.
Аралдың түбинен 230 метр тереңликтен екинши булақ көзи табылды
Аралдың түбинен 230 метр тереңликтен екинши булақ көзи табылды
Усы күни Аралдың түбинен 230 метр тереңликтен екинши булақтың көзи табылды. Қәнигелердиң атап өткениндей, жақын күнлерде усындай 50 орында геологиялық излеў жумыслары алып барылады.
Демек, теңиздиң қурыған ултанында шөлге шыдамлы егинлер егиў, жаңадан булақ көзлерин ашыў жумыслары даўам етеди.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

    «Өзгидромет» Қарақалпақстан Республикасында жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болыўы ҳаққында мағлыўмат берди.  Ҳаўа бираз

Газ ҳәм электр энергиясы тарифлериниң артыўы 1-майға шекем кешиктирилди

Газ ҳәм электр энергиясы тарифлериниң артыўы 1-майға шекем кешиктирилди

    Президент ҳүкиметке газ ҳәм электр энергиясы тарифлерин арттырыўды 1-майға шекем кешиктириўди тапсырды. Алдын 1-апрельге белгиленген

Контракт толық төленбесе, студентти жуўмақлаўшы ямаса аралық имтиханларға киргизбеў мүмкин бе?

Контракт толық төленбесе, студентти жуўмақлаўшы ямаса аралық имтиханларға киргизбеў мүмкин бе?

    Контрактын төлемеген студентти жуўмақлаўшы ямаса аралық имтиханларға киргизбеў нызамлы тийкарға ийе емес. Егер студент улыўма