Telegram karinform

Жәмийет

  • 07.03.2019 11:40
  • 1417

«Ардақлаў» сыйлығына мүнәсип деп табылған ҳаял-қыз журналистлер



Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Министрлер Кеңесиниң қоллап-қуўатлаўында Мәденият министрлиги тәрепинен өткерилетуғын «Ардақлаў» сыйлығының ийеси болған журналист ҳаял-қызлардың өмири ҳәм мийнет жолы ҳаққында мағлыўмат бермекшимиз.

ӘНЖИМ БЕКБЕРГЕНОВА – Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист, «Алтын қәлем» Миллий сыйлығының ийеси, Қарақалпақстан телеканалының аға редакторы.



Мийнет жолын 1995-жылы «Арал ҳаўазы» газетасынан баслады. 1997-2006-жыллары Қарақалпақстан радиоканалында редактор, 2006-жылдан аға редактор болып ислеп келмекте. 1994-жылдан Өзбекстан Журналистлер аўқамының ағзасы. 1996-жылы «Пал балам» китабы баспадан шықты. 2014-жылы «Ардақлаў» сыйлығының «Жылдың ең жақсы тележурналисти» номинациясы, 2015-жылы «Дияр» телеканалына «Ең көп ҳәм ең мазмунлы көрсетиў таярлаған тележурналист» номинациясы, 2015-жылы «Алтын қәлем» Миллий таңлаўының «Ең жақсы телематериал» номинациясы жеңимпазы деп табылды. 2016-жылы «Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў ағласы» көкирек нышаны, 2017-жылы «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист» атағына мүнәсип болды. Бүгинги күнде «Саз ҳәм ҳаўаз» ток шоу, «Өмир ибратлары», «Меҳир», «Әдеплер ғәзийнеси» көрсетиўлерин таярлап келмекте.

НУРСУЛЫЎ БЕГИМОВА – Қарақалпақстан радиоканалында бас редактор.



Мийнет жолын «Еркин Қарақалпақстан» газетасында арнаўлы хабаршы болыўдан баслады. 1991-жылдан Қарақалпақстан радиоканалында редактор, бөлим баслығы, бас редактор лаўазымларында ислеп келмекте. «Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 10 жыллығы» көкирек нышаны, 2014-жылы «Ардақлаў» сыйлығы менен сыйлықланды. «Аға бий» радиосериалына редакторлық етти. Бүгинги күнде «Дәўир ҳәм сиясат», «Турмыс тәшўишлери», «Адам ҳәм нызам», «Ибрат» еситтириўлериниң редакторы.

ПЕРДЕГҮЛ ХОЖАМУРАТОВА – Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист.



Мийнет жолын 1985-жылдан Бозатаў районлық «Ылғыллы мийнет» газетасынан баслады. 1990-жылдан «Нөкис ҳақыйқаты», 1999-жылдан «Еркин Қарақалпақстан» газетасында жумыс иследи. Мақалаларын П.Меңлимуратова аты менен де жәриялайды. «Ғалаба хабар қураллары ҳәм сайлаў процеси» таңлаўының, 2004-жылы «Жылдың ең белсенди журналисти», 2005-жылы «Әтиргүл» таңлаўларының жеңимпазы болды. «Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 20 жыллығы» көкирек нышаны, 2015-жылы «Ардақлаў» сыйлығы, 2016-жылы «Қарақалпақстан халық билимлендириў ағласы» көкирек нышаны, 2018-жылы «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист» атақларына мүнәсип деп табылды. 2018-жылы «Ана сағынышы» китабы баспадан шықты. Бүгинги күнде мийнет дем алысында.

ЗУХРА ИСАКОВА - «Жеткиншек» газетасында бөлим баслығы.



2000-жылдан «Жеткиншек» газетасында хабаршы, бөлим баслығы болып ислеп келмекте. 2015-жылы «Ардақлаў» сыйлығының «Жылдың ең жақсы журналисти» номинациясы жеңимпазы болды. 2016-жылы «Саламат ана-бахытлы бала» таңлаўында биринши орынды ийеледи.

АМИНА ҚУРБАНИЯЗОВА – Қарақалпақстан телеканалының комментаторы.



2000-жылдан Қарақалпақстан телеканалы, 2008-жылдан «Ёшлар» телеканалының Қарақалпақстан Республикасындағы хабаршысы болды. 2009-жылдан «Ёшлар» телеканалында «Қарақалпақ жаслары» көрсетиўин қарақалпақ тилинде турақлы түрде таярлап келмекте. 2013-жылы «Мениң қәлбим айдан да бәлент» қосықлар топламы баспадан шықты. 2015-жылы «Ардақлаў» сыйлығының, 2018-жылы «Хошамет» сыйлығының «Жылдың ең жақсы тележурналисти» номинациясы жеңимпазы болды.

НАЗИЙРА ЖАҚСЫМУРАТОВА - Қарақалпақстан телерадиокомпаниясы директор орынбасары.



Мийнет жолын 2002-жыл Қарақалпақтан телеканалында редакторлықтан баслады. «Тикенсиз кирпитикенлер» фильми ҳәм Қарақалпақстан телеканалындағы дәслепки «Бир достың болсын…» телесериалына редакторлық етти. «Дубляж» студиясындағы ҳүжжетли фильмлердиң қарақалпақ тилине аўдармаланыўына басшылық етти. 2013-жылдан Қарақалпақстан Телерадиокомпаниясы директор орынбасары лаўазымында ислеп келмекте. 2016-жылы «Ардақлаў» сыйлығының «Пидайы мийнетлери ушын» номинациясы, «Қарақалпақстан халық билимлендириў ағласы», 2017-жылы «Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының 25 жыллығы» көкирек нышаны менен сыйлықланды.

ЛАЛА СЕЙДАНОВА – Қарақалпақстан телеканалында бас редактор.



Мийнет жолын 1994-жылы Қарақалпақстан телеканалында «Балалар ҳәм жаслар ушын көрсетиўлер редакциясы»нда редактор болыўдан баслады. 2002-жылдан аға редактор, 2013-жылдан бас редактор болды. 2016-жылы «МТРК соврини» таңлаўында «Жыл бағдарламасы сәўлелендирилген ең жақсы көрсетиў» номинациясы бойынша жеңимпаз болды. 2017-жылы «Ардақлаў» сыйлығына «Ең жақсы телебаслаўшы» номинациясына мүнәсип деп табылды.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

    Қарақалпақстан Республикасы статистика комитетиниң берген мағлыўматына бола, 2025-жылдың 1-апрель жағдайына Қарақалпақстан Республикасының турақлы халқының саны