Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни» байрамы мүнәсибети менен студент-қызлар арасында «Бәҳәр маликасы» таңлаўы болып өтти.
Таңлаўды институттың ҳаял-қызлар комитети басланғыш шөлкеми баслығы Б.Арзиева кирис сөзи менен ашып берип, барлық ҳаял-қызларды гөззаллық байрамы менен қутлықлады.
Буннан соң таңлаўдың тийкарғы басқышы басланды. Онда институттың ҳәр бир факультетинде өткерилген таңлаў жеңимпазларынан ибарат студент-қызлар қатнасты.
Таңлаў студент-қызлардың өзи, кәсиби ҳаққында мағлыўмат беретуғын «Сәлемнама», өзлери унатқан дөретиўши ҳаял-қызлар ҳаққында сөз ететуғын «Мен унатқан шайыр», қызлардың қол өнерин көрсетиўи ушын арналған «Аналарымызға байрам саўғасы», сондай-ақ, қатнасыўшылар өз қәбилетин, талантын көрсететуғын «Қызлары бар бизиң елдиң» сыяқлы шәртлер тийкарында өткерилди.
Студент-қызлардың ҳәр бир шәрт бойынша қатнасыўын жәмийетлик қурамда дүзилген төрешилер қурамы әдил баҳалап барды.
Таңлаў жуўмағында қатнасыўшылар номинациялар бойынша сыйлықланып, шөлкемлестириўшилер тәрепинен оларға байрам саўғалары тапсырылды.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz