
Қазақстан Республикасының биринши президенти Нурсултан Әбиш улы Назарбаев отставкаға шығатуғынлығын мәлим етти.
Бул ҳаққында мәмлекет басшысы республикалық телеканаллар арқалы Қазақстан халқына арналған мәлимлемесинде айтып өтти.
Қасым-Жомарт Тоқаев мәмлекет басшысының ўазыйпасын атқарады. Нурсултан Назарбаев Қәўипсизлик кеңеси баслығы ҳәм «Нур Отан» партиясының баслығы болып қала береди.
Мәлимлеме республикалық телеканаллар арқалы тиккелей эфирде көрсетилди.
Ислам Матеков.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz