
Қазақстанда Нурсултан Назарбаевтың отставкаға шығыўы ҳаққындағы мәлимлемесинен соң валюта алмастырыў шақапшаларында доллар қымбатлады, айырымлары болса бирден талап күшейгени себепли сатыўды да тоқтатып қойды, деп жазады Интерфакс.
- Еки саат алдын барлық долларлар таўсылды. Назарбаев лаўазымнан кеткени ҳаққында хабар берилиўи менен дәрриў алағадалық басланды, ҳәмме доллар ала баслады, - дейди валюта алмастырыў шақапшалары бириниң хызметкери.
19-март күни жергиликли ўақыт пенен саат 21:30 да шақапшаларда 1 доллар 378,9 теңгеге тең болған болса, арадан ярым саат өтип курс 385 теңгеге шекем көтерилди.
Ислам Матеков.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz