Telegram karinform

Жәмийет

  • 26.03.2019 18:02
  • 1564

Нөкис районындағы үйдиң малханасы өртенип кетти


Усы жылдың 25-март күни Нөкис районы Төк таў көшеси 8-жайдың малханасында өрт жүзеге келген. Бул ҳаққында ӨзР ИИМ Өрт қәўипсизлиги бас басқармасы ҒХҚ менен байланыслар бөлими хабар берди.
Ўақыя жүз берген орынға 2 өрт өшириў экипажы жетип барып, олардың оператив ҳәрекетлери нәтийжесинде өрт өширилген. 100 кв. метр майдан өрттен сақлап қалынған, өрттиң жасаў орнына өтип кетиўи, өрттен адамлардың дене жарақатын алыўы ҳәм қайтыс болыўы сыяқлы унамсыз ақыбетлерге жол қойылмады. Өрт ақыбетинде 8-жайда жасайтуғын пуқара О.Узақовтың үйиндеги малхананың 60 кв. метрлик майдандағы ҳәм қоңсысы пуқара Б.Жаңабаеваның үйиндеги малхананың 30 кв. метрлик майдандағы төбеси ҳәм ол жерде сақланып атырған от-жемлер күйип зыянланған. Өрттиң келип шығыў себеби ҳәм материаллық зыян муғдары анықланбақта.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити

Нөкисте пропан газ тасыўшы жүк машинасы аўдарылып кетти

Нөкисте пропан газ тасыўшы жүк машинасы аўдарылып кетти

    ЖТҲ айдаўшы басқарыўды жоғалтыўы нәтийжесинде жүз берген. Ҳәдийсе ақыбетинде ҳеш ким жарақат алмаған. Айрықша жағдайлар

Қарақалпақстанда биринши мәрте Арал мәденият саммити өткериледи

Қарақалпақстанда биринши мәрте Арал мәденият саммити өткериледи

Усы жылдың 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстанның Нөкис қаласында биринши мәрте Арал мәденият саммити болып өтеди, деп хабар...