Telegram karinform

Жәмийет

  • 26.03.2019 18:23
  • 1612

Муғаллимлердиң мийнет ҳақысы 1000 долларға шекем көтериле ме?


Өзбекстан мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигинде «Муғаллимлердиң жәмийеттеги абырайын арттырыў менен байланыслы машқалалар ҳәм олардың шешимлери» атамасындағы баспасөз конференциясында қатнасқан ӨзР Халық билимлендириў министри Ш.Шерматов төмендегилерди мәлим етти, деп жазады Дарё басылымы:
- Елимиз басшысының ең дәслепки қарары да муғаллимниң абырайын арттырыўға бағдарланған еди. Ўақты келип жәмийетте муғаллимниң абырайы буннан да жоқары болады. Президентимиз ҳәр бир видеоселекторда муғаллимлер ҳаққында бәрқулла айтып өтеди. Олардың айлығын 1000 долларға шекем көтермегенше тоқтамаймыз, деп көп айтады. Несип етсе, әлебетте, сол дәрежеге жетемиз.
Еслетип өтемиз, 2018-жылдың 14-август күни ӨзР Президентиниң «Жасларды руўхый-этикалық ҳәм физикалық жақтан баркәмал етип тәрбиялаў, оларға тәлим-тәрбия бериў системасын сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Усы қарар тийкарында елимиз тарийхында биринши мәрте муғаллимлердиң мийнет ҳақылары еки басқышта – 2018-жылдың 1-сентябринде ҳәм 2019-жылдың 1-январында көбейтилди.
Ҳәзирги ўақытқа келип, муғаллимлердиң базалық тариф ставкалары тийкарында 1 509 255 сумнан 2 225 865 сумға шекем айлық мийнет ҳақысы белгиленди. Соның менен бирге, педагоглар дәптер тексериў ҳәм класс басшылығы ушын қосымша ҳақы алмақта. Бул болса 13 мыңнан аслам еркек муғаллимлердиң мектеплерге қайтыўына себеп болды.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

        Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти.

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

    Түнги ўақытта саат 23.00 ден 06.00 ге шекем пуқаралардың тынышлығын ҳәм нормал дем алыўын бузыў,