Усы жылдың 16-20-март күнлери аралығында Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң спорт сарайында спорттың волейбол түринен ҳаял-қызлар арасында Өзбекстан чемпионатының III тур ойынлары болып өтти. Бул ҳаққында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамларының ағзасы, журналист Әбдиқәдир Қайыпов хабар берди.
Оған Самарқанд, Хорезм, Бухара, Наманган, Жиззақ, Сырдәрья, Ташкент ўәлаятларынан, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы атынан Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының сайланды командасы қатнасты.
Жерлеслеримиз дәслепки ойында 3:0 есабында Бухара ўәлаяты командасын жеңген болса, екинши күнги ойында Сырдәрья командасы үстинен 3:0 есабында жеңиске еристи. Турдың үшинши күнги беллесиўлеринде «НМПИ» командасы хорезмли қарсыласларына да ҳеш қандай имканият қалдырмады – есап 3:0.
«НМПИ» командасы сыяқлы барлық қарсыласларын жеңип, жоқары көрсеткишке ерисип келген ҳәм усы күнге шекем Өзбекстан чемпионатында упайлар есабынан 1-орынды ийелеп турған Ташкент ўәлаятының сайланды командасы ең соңғы күни бир-бири менен ойнады.
Курамында Өзбекстан сайланды командасының толық ағзалары болған Ташкент ўәлаяты менен болып өтетуғын ойын көпшилик тамашагөйлерде үлкен қызығыўшылық пайда ететуғыны алдыннан мәлим еди. Сол себепли спорт сарайы спорт ышқыпазларына лыққа толды.
Ойын оғада қызықлы ҳәм беллесиўлерге бай өтти. Ойын жуўмағында Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген тренер Азат Казаков басшылығындағы «НМПИ» командасы қарсыласларын 3:0 есабы менен жеңип, тарийхый нәтийжени қолға киргизди.
Итибарлы тәрепи сонда, усы күнге шекем Ташкент ўәлаяты командасы 3:0 есабы менен улыўма жеңилиске ушырамаған еди.
Солай етип, Өзбекстан чемпионатының III тур ойынлары жуўмақларына муўапық, жерлеслеримиз 1 упай менен Ташкент ўәлаяты командасын артта қалдырып, 1-орынға көтерилип алды.
Шешиўши IV тур ойынлары усы жылдың май айында Ташкент қаласында болып өтеди.
Мағлыўмат ушын, «НМПИ» командасы 2017-жылы Өзбекстан чемпионатында ең жақсы нәтийжени қолға киргизген еди.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz