Telegram karinform

Жәмийет

  • 27.03.2019 19:25
  • 1175

Пән олимпиадасында оқыўшысы орын алған мүғәллимлерге пул сыйлығы бериле ме?

Пән олимпиадасында оқыўшысы орын алған мүғәллимлерге пул сыйлығы бериле ме?

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Жаслардың руўхый-әдепли ҳәм физикалық кәмил инсан етип тәрбиялаў, оларға тәлим-тәрбия бериў системасын сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў ис-илажлары ҳаққында»ғы 2018-жыл 14-августтағы ПҚ-3907-санлы қарарының 7-бәнтинде, билимлендириў орынларында жумыс ислеп атырған педагог хызметкерлердиң мийнетлерин мүнәсип баҳалаў мақсетинде аймақлық, республикалық ҳәм халық аралық пән олимпиадаларында сыйлы орынларды қолға киргизген оқыўшыларды таярлаған улыўма билим бериў мектеплери педагог кадрларын ең кем айлық ис ҳақының 5 есесинен 50 есесине шекемги муғдарда бир мәртелик пул сыйлығы менен сыйлықлаў тәртиби бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизиў белгиленген.
Усы күнлерде Министрлик тәрепинен тийисли министрлик ҳәм шөлкемлер менен келисилген ҳалда қарардың жобасы таярланып, көрип шығыў ушын Ҳүкиметке киргизилген.
Белгиленген тәртипте тастыйықланғаннан соң ғалаба хабар қураллары арқалы жәрияланады, деп хабар бермекте Телеграмдағы таълим/образование каналы.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...