Telegram karinform

Жәмийет

  • 28.03.2019 15:06
  • 1550

Қарақалпақстанда «Алтын қәлем»ге ийе журналист ҳаял-қызлар нешеў?

Қарақалпақстанда «Алтын қәлем»ге ийе журналист ҳаял-қызлар нешеў?

«Алтын қәлем» Миллий сыйлығы журналистлердиң ең үлкен сыйлықларының бири. Бул сыйлыққа мүнәсип болыў қыйын. Бирақ, бизле усы сыйлыққа мүнәсип деп табылған бир қатар ҳаял-қызлар бар. Олар менен төменде танысыўыңыз мүмкин.

ДИЛБАР ҚЫДЫРНИЯЗОВА

Қарақалпақстанда «Алтын қәлем»ге ийе журналист ҳаял-қызлар нешеў?

«Алтын қәлем» Миллий сыйлығының ийеси, Қарақалпақстан радиоканалы «Саз-сәўбетли бағдарламалар бас редакциясы» бөлим баслығы.
1998-жылы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң журналистика қәнигелигин питкерди. 2003-жылдан Қарақалпақстан радиоканалында жумыс баслады. 2004-жылы «Бахыт-ығбал ҳуқықына ийемен», 2005-жылы «Ең уллы, ең әзиз» ҳәм «Ҳаял бахты» таңлаўларының жеңимпазы болды. Қарақалпақстан Республикасы бойынша «Алтын қәлем» Миллий таңлаўының ең дәслепки жеңимпазы. 2007-жылы «Ана журтым», «Сениң меҳриң менен жасаймыз», «Сен ҳаялсаң», «Балғанның гүнәсы не?» еситтириўлери ушын «Алтын қәлем» Миллий таңлаўында 1-орынды ийеледи. Бүгинги күнде «Дәўир қызлары», «Әдебият ҳәм дәўир», «Қайырлы күн» еситтириўлериниң редакторы.

ДИЛБАР ҒАНИЕВА

Қарақалпақстанда «Алтын қәлем»ге ийе журналист ҳаял-қызлар нешеў?

«Алтын қәлем» Миллий сыйлығының ийеси, Қарақалпақстан радиоканалында редактор.
2000-жылдан Қарақалпақстан радиоканалында ислеп келмекте. «Ибрайым Юсуповтың 80 жыллығы», «Ташкент қаласының 2200 жыллығы» еситтириўлери ҳәм басқа да әдебий-музыкалы еситтириўлери ушын 2009-жылы «Алтын қәлем» Миллий таңлаўының руўхыйлық-ағартыўшылық темасындағы ең жақсы радиоматериалы ушын 3-орын менен сыйлықланды. Ҳәзирде «Саз ҳәм сәўбет», «Жаңла дуўтарым», «Қосығым-өмирим, қосығым-бахтым», «Талант ҳәм талпыныс», «Қайырлы күн» еситтириўлериниң редакторы.

ГҮЛНАЗ НУРБЕКОВА

Қарақалпақстанда «Алтын қәлем»ге ийе журналист ҳаял-қызлар нешеў?

«Алтын қәлем» Миллий сыйлығының ийеси, Қарақалпақстан радиоканалының «Жобаластырыў ҳәм эфирге узатыў бөлими»ниң баслығы.
2008-жылы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети журналистика қәнигелигиниң бакалавр басқышын, 2011-жылы магистратура бөлимин питкерди. 2008-жылдан Қарақалпақстан радиоканалында ислеп келмекте. 2010-жылы «МТРК соврини» таңлаўында 2-орын, 2010-жылы «Радиода мыңжыллық раўажланыў мақсетлери темасын сәўлелендиргени» ушын «Алтын қәлем» Миллий таңлаўының хошаметлеўши, 2011-жылы «Алтын қәлем» миллий сыйлығының 1-орын, 2015-жылы «Ең уллы, ең әзиз» таңлаўының Қарақалпақстан басқышы жеңимпазы болды. 2016-жылы «Шуҳрат» медалы менен сыйлықланды. 2017-жылы Өзбекстан Республикасы Президенти Академиясының тыңлаўшысы болды. 2018-2019-жыллары Қарақалпақстан телеканалының «Хабар» информациялық-мәлимлеме таллаў бағдарламалары редакциясында бас редактор лаўазымында иследи. Бүгинги күнде «Қайырлы күн», «Кеўилге жақын сөзлер» еситтириўлерин таярлайды.

ГҮЛӘРЕМ ЖУМАҒАЛИЕВА

Қарақалпақстанда «Алтын қәлем»ге ийе журналист ҳаял-қызлар нешеў?

«Алтын қәлем» Миллий сыйлығының ийеси, Қарақалпақстан радиоканалында редактор.
1995-жылы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети журналистика қәнигелигин питкерди. 2000-жылдан Қарақалпақстан радиоканалында ислеп келмекте. 2014-жылы «Алтын қәлем» Миллий таңлаўында жаслар машқалаларын сәўлелендирген «Ең жақсы радиоматериал» номинациясының 3-орын жеңимпазы деп табылды. Бүгинги күнде «Хабар информациялық-таллаў бағдарламалары бас редакциясы»нда күнделикли турмысымыздағы жәмийетлик-сиясий хабарларды тыңлаўшылар дыққатына усынып келмекте.


ЛАЛАХАН НУРАТДИНОВА

Қарақалпақстанда «Алтын қәлем»ге ийе журналист ҳаял-қызлар нешеў?

«Алтын қәлем» Миллий сыйлығының ийеси, Қарақалпақстан радиоканалында редактор.
1998-жылы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети журналистика қәнигелигин питкерди. 2012-жылы «Алтын қәлем» Миллий сыйлығының руўхыйлық-ағартыўшылық темасындағы «Ең жақсы радиоматериал» номинациясы бойынша 3-орын жеңимпазы деп табылды. 2012-жылдан «Саз-сәўбет бағдарламалары бас редакциясы»ның аға редакторы болып ислеп келмекте. Бүгинги күнде «Тарыйхый тулғалар», «Мийрас», «Сөнбес жулдызлар», «Поэзия мәўритлери», «Саяхат ҳәм туризм» еситтириўлерин таярлайды.

ӘНЖИМ БЕКБЕРГЕНОВА

Қарақалпақстанда «Алтын қәлем»ге ийе журналист ҳаял-қызлар нешеў?

Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист, «Алтын қәлем» Миллий сыйлығының ийеси, Қарақалпақстан телеканалының аға редакторы.
Мийнет жолын 1995-жылы «Арал ҳаўазы» газетасынан баслады. 1997-2006-жыллары Қарақалпақстан радиоканалында редактор, 2006-жылдан аға редактор болып ислеп келмекте. 1994-жылдан Өзбекстан Журналистлер аўқамының ағзасы. 1996-жылы «Пал балам» китабы баспадан шықты. 2014-жылы «Ардақлаў» сыйлығының «Жылдың ең жақсы тележурналисти» номинациясы, 2015-жылы «Дияр» телеканалына «Ең көп ҳәм ең мазмунлы көрсетиў таярлаған тележурналист» номинациясы, 2015-жылы «Алтын қәлем» Миллий таңлаўының «Ең жақсы телематериал» номинациясы жеңимпазы деп табылды. 2016-жылы «Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў ағласы» көкирек нышаны, 2017-жылы «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист» атағына мүнәсип болды. Бүгинги күнде «Саз ҳәм ҳаўаз» ток шоу, «Өмир ибратлары», «Меҳир», «Әдеплер ғәзийнеси» көрсетиўлерин таярлап келмекте.

ЛӘЗЗЕТ ЕСЕМУРАТОВА

Қарақалпақстанда «Алтын қәлем»ге ийе журналист ҳаял-қызлар нешеў?

Қарақалпақстан телеканалында редактор.
2004-жылы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети журналистика қәнигелигин питкерди. 2004-жылдан Қарақалпақстан телеканалында редактор болып ислеп келмекте. 2012-жылы «Жылдың ең белсенди жас журналисти» таңлаўының жеңимпазы болды. 2014-жылы «Алтын қәлем» Миллий таңлаўының «Радиода мыңжыллық раўажланыў мақсетлери темасын сәўлелендиргени ушын», 2016-жылы Өзбекстан Кәсиплик Аўқамы федерациясы Кеңесиниң «Саламат ана ҳәм бала жылы темасындағы ең жақсы материал ушын» хошаметленди. 2017-жылы «Туманимдаги ва маҳалламдаги экологик ҳолат» таңлаўының ең жақсы видеоролик жөнелиси бойынша 2-орын, «Мойнақ ҳәм Аралдың қайта тиклениўи» халық аралық экофестивалында «Ең жақсы видеоролик» таңлаўының жеңимпазы деп табылды. Баспасөз ҳәм хабар агентлиги, Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети, Халық билимлендириў министрилигиниң ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды. Бүгинги күнде Ўзбекистон телеканалында «Нәўпир», Қарақалпақстан телеканалында «Арнаўлы эколайф», «Қызлар ушын» көрсетиўлериниң редакторы. «Нөкис FM» радиоканалында еситтириўлер таярлайды.

РОЗА ҲАМИДОВА

Қарақалпақстанда «Алтын қәлем»ге ийе журналист ҳаял-қызлар нешеў?

Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист, «Алтын қәлем» Миллий таңлаўында номинация жеңимпазы.
Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Тарийх қәнигелигин питкерди. Мийнет жолын 1980-жылдан «Жеткиншек» газетасында хабаршы болыўдан баслады. 1985-жылдан Қарақалпақстан телеканалында иследи. 1991-жылы «Қарақалпақстан Республикасы халық билимлендириў ағласы» көкирек нышаны, 2014-жылы «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист» атағына мүнәсип болды. 2016-жылы «Алтын қәлем» Миллий танлаўында «Арал бойы ҳаял-қызларының жәмийетимиздиң раўажланыўына қосып атырған хызметлери» номинациясы бойынша хошаметлеўши сыйлыққа миясар болды.

УЛБОҒАН ЕРИМБЕТОВА

Қарақалпақстанда «Алтын қәлем»ге ийе журналист ҳаял-қызлар нешеў?

«Қарақалпақстан» телеканалында аға редактор.
2007-жылы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң журналистика қәнигелигиниң бакалавр басқышын, 2009-жылы магистратура бөлимин питкерди. Мийнет жолын 2007-жылы Қарақалпақстан телеканалында редактор болыўдан баслады. 2009-жылдан «Нөкис FM» радиоканалында еситтириўлер таярлайды. 2010-жылы «Жылдың ең жақсы баслаўшысы», «Әтиргүл», 2017-жылы «Алтын қәлем» Миллий таңлаўының «Ең жақсы радио материал» номинациясының 3-орын жеңимпазы болды. Бүгинги күнде «Пирамида» интеллектуал ойыны, «Ассалаўма әлейкум, Қарақалпақстан» көрсетиўлериниң редакторы.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

    «Өзгидромет» Қарақалпақстан Республикасында жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болыўы ҳаққында мағлыўмат берди.  Ҳаўа бираз