Telegram karinform

Жәмийет

  • 28.03.2019 18:34
  • 1450

Самарқанд мәмлекетлик университети профессоры НМПИде лекция оқыды

Самарқанд мәмлекетлик университети профессоры НМПИде лекция оқыды
Физика-математика илимлериниң докторы, Самарқанд мәмлекетлик университети профессоры Облақул Қувондиқов Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты физика-мийнет ҳәм педагогика факультети студентлерине «Инновациялық технологияларды оқыў процесинде қолланыў бойынша дүнья тәжирийбеси» атамасында лекция оқыды.
Лекция сабағында профессор инновациялық технологиялардың ең заманагөй басқышы есапланған интеллект-карта методы, усы метод тийкарында Самарқанд мәмлекетлик университетинде әмелге асырылып атырған жаңалықлар ҳәм жаңа исленбелер ҳаққында студентлерге кең ҳәм толық түсиниклер берди.
Самарқанд мәмлекетлик университети профессоры НМПИде лекция оқыды
- Интеллект-карта – бул яд картасы болып, бас мийдиң дүзилисин, функцияларын ҳәм физикалық қәсийетлерин өзинде сәўлелендиретуғын технология есапланады, - деди профессор. – Бул технология универсаллық характерге ийе болып, тек ғана физикада емес, ал басқа пәнлерде де жийи қолланылады.
Профессордың айтыўынша, булл технологияны XXI әсирдиң ғалабалық технологиясы болыўы күтилип атырған робототехникалық исленбелерде қолланыў арқалы, жасалма интеллектти жетилистириў имканияты бир қанша артады.
Лекция сабағынан соң профессор институт ректоры Байрамбай Отемуратовтың қабыллаўында болды. Институт ректоры профессорға алдағы ўақытларда илимий-педагог кадрларды таярлаў, өз-ара тәжирийбе алмасыўда бирге ислесиўге шақырды. Өз гезегинде профессор усыныс ушын миннетдаршылық билдирип, магистратура ҳәм докторантура басқышында оқып атырған излениўшилерди бәрқулла қоллап-қуўатлайтуғынлығын билдирип өтти.
- Бул Қарақалпақстанға екинши сапарым. Алдынғы сапары да усы институтқа келген едим. Институт жасларының илимге қызығыўшылығы жоқары екенлигин айрықша атап өтким келеди. Бул дәргай жәмәәти Президентимиз тәрепинен жоқары билимлендириў системасын еле де жетилистириў бойынша әмелге асырып атырған реформаларын шын жүректен, бар күш-жигери менен орынлап атырғанын көрип, буған жоқары баҳа бергим келеди, - деп айтып өтти самарқандлы алым.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Айырым Қазақстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым Қазақстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

        Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ўәкилликлерине киргизилген мәселелер бойынша физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларын жедел түрде қабыл

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

        Пекиндеги Синхуа университети толық жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын биринши «Агент емлеўханасы»н шөлкемлестирди. Онда 14 виртуал